Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Doimiy komissiya yig‘ilishi o‘tkazildi
янв.21
Beruniy mahallasida elektr ta’minoti yaxshilanadi
янв.21
33-maktabda inklyuziv ta’limni tashkil etish holati o‘rganildi
янв.21
Saylovchilar murojaatlari amaliy yechim topmoqda
янв.21
Shohimardonobod MFYda Kengash qarori asosida amalga oshirilayotgan ishlar nazorat qilindi
янв.21
PF–193-sonli Farmon ijrosi yuzasidan o‘rganish davom ettirilmoqda
янв.21
Navro'z MFYda Kengash qarori asosida amalga oshirilayotgan ishlar nazorat qilindi
янв.21
Birdamlik mahallasida sessiya oldi o'rganish olib borildi
янв.21
🔹 Xalq deputatlari Farg‘ona tuman Kengashi deputati Ozodaxon Dadajonovaning «Milliy madhiyam — milliy g‘urur» mavzusida ma’naviy-ma’rifiy tadbirlarni tizimli tashkil etish bo‘yicha deputatlik so‘roviga rasmiy javob berildi.
янв.21
Kuz-qish mavsumiga tayyorgarlik holati o‘rganildi
Мәмлекет басшысының баянатлары ҳәм тийкарғы ўазыйпалар

Мәмлекет басшысының баянатлары ҳәм тийкарғы ўазыйпалар

♻️ Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси басламасы менен «Балалар спорт мектеби» басланғыш партия шөлкеминде Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 35 жыллығына бағышлап Президент Шавкат Мирзиёевтиң салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзиниң мазмун-мәнисин үгит-нәсиятлаўға қаратылған илаж болып өтти.

Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 24-"Қ.Аўезов" сайлаў округынан Өзбекстан Халық демократиялык партиясынан сайланған депутат, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов ҳәм «Балалар спорт мектеби» басланғыш партия шөлкеми ағзалары қатнасты.

✅ Ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы тәрепинен атап өтилген жаңа дәўирдеги реформалар, атап айтқанда, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм дене тәрбия және спортты раўажландырыўға қаратылған тийкарғы ўазыйпалар ҳәр тәреплеме додаланды. Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзинде атап өтилген өткен 35 жыл даўамындағы жетискенликлер, атап айтқанда, соңғы жылларда өзбек спортының дүнья майданларында ерисип атырған табыслары айрықша атап өтилди. Жаңа Өзбекстанда саламат турмыс тәризин ғалаба ен жайдырыў ҳәм жас споршыларға жаратылып атырған шараятлар ғәрезсизлигимиздиң ең үлкен жетискенликлеринен бири екенлиги атап өтилди.

🔹 Илаж соңында басланғыш партия шөлкеми искерлигин буннан былай да раўажландырыў, партия қатарын белсенди ҳәм қәбилетли жаслар менен кеңейтиў, сондай-ақ, белгилеп алынған тийкарғы ўазыйпалар бойынша анық илажлар белгилеп алынды.

Slide 1 of 6