Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

Есабат ҳәм сөйлесиў: Сайлаўшылар менен ушырасыў болып өтти

Есабат ҳәм сөйлесиў: Сайлаўшылар менен ушырасыў болып өтти

Мойнақ районы Руўхый ағартыўшылық орайы имаратында "Мойнақ" ҳәм "Арал" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы сайлаўшылар менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда 65-Мойнақ сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, ӨзХДП фракциясының ағзасы Б.Утамбетова ҳәм Халық депутатлары Мойнақ районлық кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы К.Насыровалар 2026-жылдың I шерегинде әмелге асырылған жумыслар бойынша есабат берди.

Депутат Б.Утамбетова Президентимиздиң басшылығында елимиздиң раўажланыўы ҳәм халықтың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған реформалардың мазмун-мәниси, әсиресе, Қарақалпақстан ушын қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 21-февраль күнги "Қарақалпақстан Республикасын 2026-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм келеси жылларға мөлшерленген бағдарламаларды тастыйықлаў ҳаққында"ғы 70-санлы Қарарының мазмуны ҳәм әҳмийети түсиндирилди.

Сөйлесиў даўамында қатнасыўшылар тәрепинен берилген сораўларға толық жуўаплар берилди.

Slide 1 of 1