Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
“Chindan ham, davlat va xalq xizmatchisi — senator bo‘ladimi, deputat bo‘ladimi, hokim yoki vazir bo‘ladimi — rahbarlik mas’uliyatini o‘z zimmasiga olgach, beparvo va loqayd bo‘lib yurishga, huzur-halovatga berilib yashashga ma’naviy haqqi yo‘q.”
янв.21
Deputatlar va mahalla yettiligining jinoyatchilikka qarshi hamkorlikdagi ishlari
янв.21
Do‘stlik tuman A.Navoiy MFYda yoshlar bandligi o‘rganildi
янв.21
Do‘stlik tumanida “Salomatlik uchun 5000 qadam” tadbiri o‘tkazildi
янв.21
Deputatlar ishtirok etgan sport musobaqasi
янв.21
“Madad” NTT va Xalq deputatlari Do‘stlik tuman Kengashi o‘zaro hamkorligi: hudud rivoji va jamoatchilik nazoratining muhim omili
янв.21
Do'stlik tumanida yoshlar siyosati sohasi oʻrganildi
янв.21
Xalq deputatlari Do'stlik tuman Kengashining navbatdagi 13-sessiyasi bo'lib o'tdi.
янв.21
“Mahallani rivojlantirish va jamiyatni yuksaltirish” yili doirasida tuman hokimining 2025 yil yakunlari va 2026 yilga moʻljallangan ustivor vazifalar, aholi farovonligini oshirish hamda hududlarni barqaror ijtimoiy-iqtisodiy rivojlanishi va xavfsiz muhitni ta'minlash
янв.21
Do‘stlik tumanida korxona, tashkilot va muassasalarda faoliyat yuritayotgan xodimlar o‘rtasida tuman hokimi kubogi uchun sportning minifutbol turi hamda ayollar o‘rtasida voleybol bo‘yicha Ichki ishlar bo‘limi boshlig‘i kuboklari uchun musobaqalarga tantanali ravishda start berildi.
Мүнәсибет

Азық-аўқат қәўипсизлигин заманагөй басқарыў бойынша тәжирийбе алмасыў мақсетинде 25-28-август күнлери тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллеринен ибарат Өзбекстан Республикасы делегациясы Әзербайжанға сапары Бирлескен миллетлер шөлкеминиң азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) ның Өзбекстандағы ўәкилханасының жәрдеминде шөлкемлестирилди.  

Өзбекстан Республикасы Ден саўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық жәмийет саламатлығы комитети баслығының биринши орынбасары Нурмат Атабеков басшылығындағы делегация
25-август күни Әзербайжан Азық-аўқат қәўипсизлиги агенлигинде (AFSA) қабыл етилди. Ушырасыў даўамында тәреплер бирге ислесиў перспективаларын додалады ҳәм азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлиги, өсимликлерди қорғаў ҳәм
ветеринария тараўларында тәжирийбе алмасылды.
AFSA баслығының орынбасары Закия Мустафаева тәрепинен соңғы жыллары Әзербайжан ҳәм Өзбекстан ортасындағы қатнасықлар өз-ара сапар етиўлер, қол қойылған келисимлер ҳәм биргеликте басламалар арқалы избе-из раўажланып атырғанлығы атап өтилген еди 

Өзбекстан делегациясына Әзербайжанда азық-аўқат қәўипсизлиги нызамшылығын, қәўип-қәтерлерге тийкарланған тексериў механизми, кризисли жағдайларды басқарыў системалары ҳәм оператив ескертиў механизмлериниң
енгизилиўи ҳаққында толық мағлыўматлар алып,
бизин мәмлекетимизде де қолланылып барылыўында тәжирийбели қәнигелердиң билимин еледе жетилистириўде үлкен әҳмийетке ийе болады. 

Презентацияларда, сондай-ақ қадағалаў ҳәм тексериў тәртип-қағыйдалары, соның ишинде НАССР (Қәўиплерди
таллаў ҳәм қадағалаўдың әҳмийетли орынлары) системасының қолланылыўы, азық-аўкат өнимлерин импорт ҳәм экспорт етиў талаплары, жаңа өним турлери, азық-аўқат қосымшалары, пестицидлер, ветеринария дәри қураллары, азық-аўқат
қосымшаларын дизимнен өткериў тәртиби, миллий санлы система AQTIS (Азық-аўқат қәўипсизлиги автоматластырылған мәлимлеме системасы) жумысы, жәмийетшилик пенен пикирлесиў ғалаба хабар қуралларынан пайдаланыў ҳәм
мәлимлеме материалларын таярлаў сыяқлы мәселелерге айрықша итибар қаратылып барылғанлығын айрықша атап өтиўимиз керек деп ойлайман.
 

Сапар даўамында Әзербайжан Азық-аўқат қәўипсизлиги институтында (AFSA) ушырасыў, сондай-ақ, шегера қадағалаў пунктлери ҳәм лабораторияларға сапарлар болып өткенлиги, бул процесс өзбекстанлы қәнигелерге азық-аўқат
импорты ҳәм экспортын қадағалаўда «бир айна» моделиниң әмелиятын үйрениў имканиятын бергенлиги, бул оқыў сапары Өзбекстанда институтларды реформалаў, лабораторияларды беккемлеў ҳәм мәпдар тәреплерди азық-аўқат қәўипсизлиги тараўына кеңирек тартыў бойынша тәжирийбелерди үйрениў имканиятын бергенлиги мәмлекетимиздеги институтларда жәнеде бир
қәнийгелер таярлаў бөлимлерин енгизиў имканиятын береди. 

Делегация қурамында Денсаўлықты сақлаў, Аўыл хожалығы министрликлери, Ветеринария комитети, Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Есап палатасы ҳәм Президент жанындағы Стратегиялык реформалар агентлигиниң басшы хызметкерлери қатнасқанлығы бул баслама ФАО тәрепинен Өзбекстанда азық-аўқат өнимлери қәўипсизлигин басқарыўды күшейтиў ҳәм саўданы жеңиллетиў бағдарындағы үзликсиз қоллап-қуўатлаўдың логикалық даўамы болып есапланғанлығы, Әзербайжан тәжирийбесин үйрениў арқалы Өзбекстан тутыныўшыларды қорғаў, қәўипсиз ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлерине ийе болыў имканиятын жарататуғынлығы, сондай-ақ, халықаралық базарда бәсекиге шыдамлылықты арттырыў жолында әҳмийетли қәдем таслайтуғынлығына исенимимиз
кәмил.
 

Гулхатиша ЮСУПОВА
3-"Маденият" сайлаў округинен депутат.