Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputat tashabbusi: Mevazor mahallasidagi elektr ta’minoti muammosi hal etildi
янв.21
Xalq deputatlari tuman Kengashi deputatlari Yoshlar maslahat guruhi bilan hamkorlikda tumandagi yoshlar siyosati ijrosini o‘rgandilar.
янв.21
Tuman Kengashi kotibiyati bosh mutaxassisi S.Rustamov G‘afur G‘ulom mahalla fuqarolar yig‘inida bo‘ldi
янв.21
JizzaxTRK kanalida Do’stlik tuman ma’sullari to‘g‘ridan - to‘g‘ri efir tashkil etildi.
янв.21
Deputat_yoshlar_bilan_birga.
янв.21
Mahalliy Kengashlar faoliyatini takomillashtirishga qaratilgan muhim qadam
янв.21
Deputatlar tashabbuskorlar bilan birga
янв.21
Xalq deputatlari Do‘stlik tumani Kengashining o'n to'rtinchi sessiyasi
янв.21
Xalq deputatlari viloyat Kengashi kotibiyati va deputatlar Do'stlik tumanida
янв.21
Manas mahallasida yoshlar faoliyati
Мүнәсибет

МҮНƏСИБЕТ! 

2025-жылдың 16-июнь күни Президент Шавкат Мирзиёевтың басшылығында ǝмелге асырылып атырған ѳзгерислер жаңаланыўлар нǝтийжелилигин, аймақлардағы жумыслардың барысы, халықты ойландырып атырған мǝселелерге шешим табыў бойынша видеоселектор жыйналысы болып ѳтти. Жыйналыс барысында бүгинги күнде мǝмлекетлер арасында келип шыққан ѳз-ара жǝнжеллер, ҳǝзирги қурамалы ўақыялар пандемиядан кейин енди ғана беккемленип киятырған экономикалық қатнасықларға кери тǝсир кѳрсететуғынлығы, буның ушын мǝмлекет ишинде ǝмелге асырылатуғын ѳзгерислерди тезлик пенен шешиўди тǝмийинлеў, халық қǝлеўинен келип шығып бар болған мǝселелердиң шешимин табыў зǝрүрлигине итибар қаратылды. Мǝмлекетимизге инвестициялардың кирип келиўи мǝмлекет раўажланыўына үлкен тǝсирин тийгизеди. Инвестициялар - тек экономика раўажланыўына тǝсир етип қоймастан бǝлки тынышлықты сақлаў менен бирге халықлар арасында дослық қатнасықларды раўажландырыўға мǝмлекетлеримиз қарым-қатнасын беккемлеўге ѳз тǝсирин тийгизеди. 

Бул бағдарда районымызда исбилерменликти қоллап-қуўатлайтуғын проектлерге инвестиция киргизиў арқалы кеңейтириўге болады ҳǝм нǝтийжеде киши санаат зоналарын раўажландырып, халықтың бǝнтлигин тǝмийинлейтуғын жаңа жумыс орынлары ашылады. 

Инвестиция киритиў арқалы мектеплеримизде жақсы билим алыўға, кǝсип ѳнер үйрениўге, жоллар, ишимлик суўы,
жаңа емлениў орынлары, пуқаралардың ден саўлығын жақсылаўда жаңа дем алыў орынларын ашыўға имкǝниятлар жаратылады.
Биз ҳǝммемиз биргеликте инвестиция орталығын жаратып халқымыз ушын пайда келтириў менен бирге, халқымыздың абадан турмысын, жǝмийетимиз тынышлығын беккемлеўге хызмет етеди деп исенемиз. 

Бозатаў районы 6-санлы Андижан сайлаў округи депутаты Ш.Бердахов