Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Barkamol avlod – yurt kelajagi: Deputat sport ob’ektlari holatini ko‘zdan kechirdi.
янв.21
Deputat tashabbusi: Mevazor mahallasidagi elektr ta’minoti muammosi hal etildi
янв.21
Xalq deputatlari tuman Kengashi deputatlari Yoshlar maslahat guruhi bilan hamkorlikda tumandagi yoshlar siyosati ijrosini o‘rgandilar.
янв.21
Tuman Kengashi kotibiyati bosh mutaxassisi S.Rustamov G‘afur G‘ulom mahalla fuqarolar yig‘inida bo‘ldi
янв.21
JizzaxTRK kanalida Do’stlik tuman ma’sullari to‘g‘ridan - to‘g‘ri efir tashkil etildi.
янв.21
Deputat_yoshlar_bilan_birga.
янв.21
Mahalliy Kengashlar faoliyatini takomillashtirishga qaratilgan muhim qadam
янв.21
Deputatlar tashabbuskorlar bilan birga
янв.21
Xalq deputatlari Do‘stlik tumani Kengashining o'n to'rtinchi sessiyasi
янв.21
Xalq deputatlari viloyat Kengashi kotibiyati va deputatlar Do'stlik tumanida
Мүнәсибет

 Мүнәсибет 

Мен, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Бозатаў районлық Кеңеси баслығы Юсупова Гулхатиша Қыдырбаевна Бозатаў районы 3-Маденият сайлаў округинен Халық депутатлары Бозатаў районлық кеңесинен депутат болып сайландым. Усы жылдың 1-апрель күни белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында усы жылдың
I-шереги даўамында әмелге асырған жумысларым ҳаққында сайлаўшыларға есабат бердим.
 

Онда быйылгы жылы 3 ай даўамында Халық депутатлары Бозатаў районлық кенесинде 4 сессиясы болды, онда 40 аслам мәселе қарап шығылды. Атап айтканда 4 мәселе сектор баслықлары, 30 аслам мәселе мекеме, кәрхана шөлкемлери
басшыларының есабатлары
тыңланған болса бир мәселе Өзбекстан Халық демократиялық партиясы депутатлық топар тәрепинен додаланып тийисли қарарлар қабыл етилди. Өзимнин депутатлық аймағымдағы пуқаралар тәрепинен анықланған машқалалар бойынша аймақтағы мекеме, кәрхана, шөлкемлерге 6 депутатлық сораўлар жиберилип онда Бозатаў районында Өзбекстан халық демократиялық партиясының сайлаўалды дәстүринде белгиленген мақсетлерин
әмелге асырыў
бойынша Халық депутатлары мәҳәлле Кеңесинде депутатлық бирлеспесиниң 2025 жылға мөлшерленген әмелий ҳәрекет дәстүринде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 28-июльдағы “Социаллық қорғауға мүтәж халық қатламларын қаржылай қоллап-қуўатлаўға қарата қосымша ис-илажлары туўрасындағы 120-санлы парманының Бозатаў районында орынланыўы бойынша мағлыўматлар бериў бойынша депутатлық сораўы жиберилип, оған Бозатаў
районлық Инсан социаллық
хызметлер орайы тәрепинен тийисли мағлыўматлар берилди, оннан басқа пукаралардың мүрәжатлары бойынша А.Темур көшесиндеги ишимлик суў трубаларының жарамсыз ҳалға келип қалғанлығы, соған тазадан трубалар тартып бериў жумысларының иркинишке түсип атырғанлығы бойынша депутатлық топар тәрепинен тийисли қәнийгелер менен биргеликте үйренилип шығылды ҳәмде бул жумыслар унамлы шешим тапты.  

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл
етилген Пәрман ҳәм Қарарлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәнисин түсиндирип бердим.
 

Жылдың атына сай қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реже ҳәм ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат бердим. 

Есабат дәўиринде сайлаўшылардан 3 мүрәжат келип түсти ҳәм бул бойынша тийисли орынларға депутат сораўын жибериў режелестирилди. 

Қуўанышлы тәрепи, сайлаў округимдеги “Бозатаў, “Ғәрезсизлик” ҳәмде “Муғаллимлер” көшелери “Ашық бюджет” жойбарында белсене қатнасып, жеңимпаз болды. Нәтийжеде халықты қыйнап киятырған ишки жол, мектеп, пиядалар жолы сыяқлы машқалалар өз шешимин тапты. 

Соны да атап өтиўди қәлер едим, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разы, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанын билдирди. 

Сессия ҳәм комитетлер мәжилислеринде турақлы қатнасып, оларда партиямыз электораты мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип келмектемен.     

Гулхатиша ЮСУПОВА,

3-"Маденият" сайлаў округинен депутат.