2500кВа лық трансформатордың орнына қуўатлығы 4000кВа трансформаторына алмастырылды
Бүгин, Нөкис районындағы «Ақмаңғыт» ППЖ, «Бақаншақлы» АПЖ, «Төктаў» МПЖ, «Дарсан» МПЖ аймақларындағы жасаўшы халықтың ҳәм сол аймақлардағы исбилерменлердиң электр энергиясынан пайдаланыўының артыўы себепли, Нөкис районлық электр тәмийнлеўши кәрханасының 35/10кВ Ақмаңғыт подстанциясындағы қуўатлығы 2500кВа лық трансформатордың орнына қуўатлығы 4000кВа трансформаторына алмастырылды.
Буның нәтийжесинде 222 км үлкен ҳәм киши кернеўдеги ҳаўа тармақлары арқалы 186 дана трансформатор пункти менен 5430 жеке хожалық ҳәм 385 жеке исбилерменлердиң электр энергияға болған талабы канаатландырылды.