ДЕПУТАТ ӨЗ САЙЛАЎШЫЛАРЫНА ЕСАБАТ БЕРДИ
♻️ 2-санлы "Жийдели" сайлаў округинен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты, Н.Сейтназаровтың «Дарсан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.
✅ Ушырасыўда депутат Н.Сейтназаровтың 2025-жылдың I-шереги даўамында өз сайлаў округинде алып барған жумыслары, соның ишинде, сайлаўшылардың мүрәжатларының шешими, аймақта социал экономикалық раўажландырыў барысында орын алған машқалалардың шешими бойынша есабат берди.
🔹Сондай-ақ, ушырасыўда депутат Н.Сейтназаров халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша өзиниң пикир ҳәм усынысларын билдирип, аймақ турғынларының мүрәжатларын тыңлады ҳәм шешими бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.