Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Qonunchilik palatasi deputati va mahalliy Kengash deputatlari saylovchilar bilan uchrashdi
янв.21
Hamkorlikda – ekologik barqarorlik sari!
янв.21
Qo‘rg‘ontosh mahallasida amaldagi qonun hujjatlarining mazmun-mohiyatini keng jamoatchilikka yetkazish bo‘yicha targ‘ibot ishlari olib borildi
янв.21
Dehqonobod tumanida deputatlik so‘rovlari tahlili yuzasidan yig‘ilish bo‘lib o‘tdi
янв.21
Deputat Sarchashma mahallasida mahalla yettiligi faoliyatini o‘rgandi.
янв.21
Deputat mahallada
янв.21
Deputat saylovchilar bilan uchrashuv o'tkazdi
янв.21
Ramazon oyida bozorlarda narx-barqarorlik masalasi e’tiborda
янв.21
O‘zbekiston Respublikasi Prezidentining 2024 yil 28 martdagi “Islom taraqqiyot banki ishtirokida «Qishloq joylarni kompleks rivojlantirish» (2-bosqich) loyihasini amalga oshirish chora-tadbirlari to‘g‘risida”gi PQ-141-sonli qaroriga asosan amalga oshirilayotgan ishlar bo`yicha Paxtachi mahallasida o‘rganish ishlari olib borildi
янв.21
Og‘ir toifadagi mahallalar – obod mahallalarga aylantiriladi.
Депутатлардың жумысын жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған әҳмийетли ушырасыў

Депутатлардың жумысын жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған әҳмийетли ушырасыў 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың депутатлар менен ашық ҳәм әмелий руўхта өткерген ушырасыўы ўәкиллик ҳәкимияты уйымларының жумысын жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған әҳмийетли сиясий ўақыя сыпатында баҳаланады.

 Бул ушырасыў аймақлардағы реал машқалаларды терең таллаў ҳәм олардың шешимин белгилеўге қаратылған конструктивлик платформа болды.

Ушырасыўда жергиликли Кеңеслер депутатларының жуўапкершилиги, халық пенен турақлы ҳәм нәтийжели пикирлесиў алып барыў, сайлаўшылардың исенимин ақлаў сыяқлы тийкарғы ўазыйпалар айрықша атап өтилди. Бүгинги күнде депутат - бул тек ғана қарар қабыл етиўши емес, ал адамлардың дәртин тыңлайтуғын, машқаласын әмелде шешетуғын ҳәм әдиллик принциплерин тәмийинлейтуғын халық ўәкили болып есапланады.

Әсиресе, социаллық қорғаў, халықтың бәнтлиги, кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, жаслардың бәнтлиги ҳәм ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылғаны үлкен әҳмийетке ийе. Бул бағдарлар жәмийет турақлылығы ҳәм халықтың абаданлығының тийкарғы факторы болып есапланады.

Сондай-ақ, жергиликли бюджет қаржыларынан мәнзилли ҳәм нәтийжели пайдаланыў, аймақларды комплексли раўажландырыў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда депутатлық қадағалаўды күшейтиў ўазыйпалары белгилеп берилгени ўәкилликли уйымлардың әмелий тәсирин буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.

Бул ушырасыў ўәкиллик ҳәкимияты уйымлары арасында аўызбиршиликти беккемлеў, нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм халық мәплерин қорғаў бағдарында анық бағдарларды белгилеп берди. Ең әҳмийетлиси, бул ушырасыў депутатлардың орынларда белсенди, интакер ҳәм нәтийжеге бағдарланған жумыс алып барыўы зәрүр екенлигин және бир мәрте тастыйықлады.

Исеним менен айтыў мүмкин, бундай ушырасыўлар Қарақалпақстанда реформалардың нәтийжелилигин арттырыў, аймақлардың турақлы раўажланыўын тәмийинлеў ҳәм халықтың абаданлығына хызмет ететуғын қарарлардың қабыл етилиўине беккем тийкар жаратады.

✍️ Рейпназар САПАРНИЯЗОВ, Өзбекстан ХДП Нөкис районлық кеңеси баслығы, Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары басшысы.