Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Chinoz tumani.O‘zbekiston Ekologik partiyasidan saylangan 10-Birlashgan saylov okrugi deputati Davron Teshaboyev tomonidan, tumanning chegara hududida joylashgan “Dehqonobod” mahallasida yig‘ilish o‘tkazildi.
янв.21
Chinoz tumani.Bozorlardagi aholi iste’moli uchun eng zarur mahsulotlar narx-navosi, mahsulotlarning yetarliligi o‘rganildi
янв.21
Chinoz tumani.Maktabning sport zallari va ulardagi sport anjomlari mavjudligi, ularning jihozlari holati o'rganildi.
янв.21
Chinoz tumani.Bepul beriladigan dorilar bilan ta’minlash holati o'rganildi
янв.21
Chinoz tumani.Hududdagi jinoyatchilikka qarshi kurash holati, ayniqsa qizil va sariq hududlarda jinoyatchilikni bartaraf qilish bo‘yicha olib borilayotgan ishlar holati o'rganildi
янв.21
Chinoz tumani.Mahalladagi yoshlar yetakchisi tomonidan amalga oshirilayotgan tadbirlar samaradorligi, yoshlar bandligi o'rganildi
янв.21
Chinoz tumani.Markaziy kutubxona faoliyati o'rganildi
янв.21
CHINOZ TUMANIDAGI. “KO‘P QAVATLI UYLARNING ICHKI YO‘LAKLARI VA YERTO‘LALARI HOLATI O‘RGANILDI"
янв.21
Chinoz tumani.Doimiy komissiyada ko'riladigan masalalarni qoida tariqasida joyiga chiqib o‘rganish.
янв.21
Chinoz tumani.Mahalla xotin-qizlar faoli tomonidan amalga oshirilayotgan ishlar samaradorligi faoliyati o'rganildi
Өзбекстан – АҚШ: инклюзив бирге ислесиў ҳәм парламентлер аралық сөйлесиўде әмелий қәдемлер

Инклюзив бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдары – экономикалық раўажланыў. Өзбекстан бүгин регионда жетекши орынды ийелеп, жаңа санаат потенциалын раўажландырмақта. Америкалы ҳәм халықаралық инвесторлар менен биргеликтеги жойбарлар тек ғана экономикалық пайда емес, ал технология, инновация ҳәм илим тараўында бирге ислесиўди тәмийинлейди.

5-ноябрь күни Вашингтонда Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШ Сенатындағы Орайлық Азия бойынша кокусының жәрдемши баслығы, сенатор Стив Дейнс пенен ушырасты.

Бул ушырасыў тек ғана еки мәмлекет байланысларын беккемлеўге қаратылмаған, ал инклюзив бирге ислесиў ҳәм парламентлераралық сөйлесиў арқалы әмелий нәтийжелерге ерисиўге хызмет етеди.

“С5+1” форматы АҚШ ҳәм Орайлық Азияның бес мәмлекети – Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан арасындағы бирге ислесиў майданы болып есапланады. Формат тек ғана сиясий сөйлесиў емес, ал транспорт, энергетика, санлы экономика, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм экологиялық жойбарларда да кең имканиятлар жаратады. Өзбекстан бул процессте белсене қатнаспақта ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў арқалы регионаллық турақлылықты тәмийинлеўге қәдем қоймақта.

Ушырасыўда парламентлераралық бирге ислесиўдиң әҳмийети айрықша атап өтилди. Нызам шығарыў, инвестиция ҳәм исбилерменлик тараўларындағы бирге ислесиў парламентлер арқалы раўажландырылыўы мүмкин. Аймақлараралық механизмлер жергиликли ҳәкимликлер ҳәм исбилерменлердиң қатнасыўындағы жойбарларды нәтийжели әмелге асырыў имканиятын береди.

Бул да регионаллық исеним орталығын беккемлейди ҳәм экономикалық, экологиялық жойбарлардың әмелге асырылыўын жеделлестиреди.

Ушырасыў нәтийжесинде Өзбекстан – АҚШ байланысларында бир қатар әҳмийетли келисимлер ҳәм бағдарлар белгиленди: инвестицияларды тартыў, саўда байланысларын кеңейтиў, Монтана штаты менен бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм исбилерменлер делегациясының Өзбекстанға сапары режелери усылар қатарына киреди. Мырзатаев Махмут Жиенбаевич

     "10-санлы Пахта пункт” сайлаў округинен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты