35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Депутат сайлаў округындағы мектептың материаллық-техникалық жағдайын үйренди
янв.21
XALIQ MÁPI BÁRSHESINEN JOQARI
янв.21
Deputat aymaqta ámelge asırılıp atırǵan piyadalar jolı qurılıs jumısların úyrendi
янв.21
#Шембилик
янв.21
Deputat D.Serimbetova “Gújimli” máhállesinde bar mashqala hám kemshiliklerdi anıqlaw jáne olardıń sheshimine járdemlesiw maqsetinde úyreniw jumısları alıp barıldı.
янв.21
Deputat tárepinen máhállede gezektegi úyreniw jumısları alıp barıldı.
янв.21
#24_másele
янв.21
Ishki jollar úyrenilmekte
янв.21
WAZIYPALAR BELGILEP ALINDI
янв.21
Deputat máhállede jańadan qurılıp atırǵan ishimlik suwı tarmaqları qurılıs jumısları menen tanıstı
#Мүнәсибет

Кәмбағаллықты қысқартыў - инсан турмысын өзгертиў дегени

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Бул, бәринен бурын, халықтың турмыс абаданлығын арттырыў, ҳәр бир шаңараққа мүнәсип турмыс кешириў ушын имканият жаратыўға қаратылған әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.

Кәмбағаллықты қысқартыўды тек санлар менен өлшеп болмайды. Оның артында ҳәр бир шаңарақтың тәғдири, перзентлердиң келешеги, инсанның арзыў-мақсетлери тур. Соның ушын жәрдемге мүтәж шаңарақты қоллап-қуўатлаў менен бирге, оның турақлы дәрамат табыўына, кәсип иелеўине, мийнет етип өз турмысын жақсылаўына шараят жаратыў ең әҳмийетли мәселе болып есапланады.

Бүгинги қатнастың әҳмийетли тәрепи сонда, инсанға тек ғана жәрдем бериў емес, ал оның өз имканиятларын көрсетиўи ушын кеңнен жол ашып бериўге тийкарғы әҳмиет берилмекте. Жаңа жумыс орынлары, кәсип-өнер үйрениў, исбилерменлик ҳәм шаңарақлық бизнести раўажландырыў арқалы адамларды турақлы дәраматқа ийе болыў - абадан жәмийет қурыўдың әҳмийетли шәрти.

Ең әҳмийетлиси, бул жумыслар ҳәр бир мәҳәлле ҳәм шаңараққа жетип барыўы керек. Себеби бир шаңарақтың кәмбағаллықтан шығыўы - бир шаңарақтың емес, пүткил жәмиеттиң жетискенлиги болып есапланады. Халықтың дәраматы ҳәм турмыс дәрежеси артқан сайын елимиздиң экономикалық потенциалы да, ертеңги күнге исеними де жоқарылайды.
Усы мәнисте, белгиленген ўазыйпалар инсан қәдирин улығлаў, шаңарақлардың абаданлығын тәмийинлеў ҳәм ҳәр бир пуқараға өз мийнети менен мүнәсип турмыс қурыў имканиятын жаратыў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Күнсулыў НАСЫРОВА,
Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы