35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
"Milliy tiklanish" demokratiyalıq partiyasınıń wákili Shımbay rayonında boldı.
янв.21
"Milliy tiklanish" demokratiyalıq partiyası Oraylıq Keńesiniń baslıǵı A.Qodirov "Qara úy" ustaxanasınıń jumısı menen tanıstı
янв.21
ERKIN QARARQALPAQSTAN GAZETASI
янв.21
"SHIMBAY HAWAAZI" GAZETASI
янв.21
Ekologiya partiyasınıń jumıs rejeleri úyrenildi.
янв.21
Jaslar másláhát toparı kishi biznes joybarları menen tanıstı
янв.21
Deputat awır kategoriyadaǵı máhállede boldı
янв.21
Deputat Shımbay rayonındaǵı "Jańa Ózbekstan" kórinisindegi máhállelerdiń jumısı menen tanıstı
янв.21
Ózbekstan Respublikası Oliy Majlisi Nızamshılıq palatası deputatı Shımbay rayonında
янв.21
Oqıw-seminarı ótkerildi
Депутат_мәҳәлледе

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова өзи сайланған «Кеңес» АПЖ аймағында болып, камбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың турмыс шараятын жаксылаў бағдарында алып барылып атырған жумыслардың барысын жақыннан үйренди.

♻️ Илаж даўамында депутат аймақтағы «Темир дәптер», «Аяллар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киритилген пуқараларға берилип атырған әмелий жәрдемлер, халықты турақлы жумыс орынлары менен тәмийинлеў, тармақлы исбилерменликти раўажландырыў ҳәм субсидия қаржыларының нәтийжели өзлестирилиўи мәселелерине айрықша итибар қаратты. Сондай-ақ, аймақта «Шаңарақлық исбилерменлик» бағдарламалары шеңберинде өз бизнесин жолға қойған пуқаралардың жумыслары менен танысып, олардың жумыс көлемин кеңейтиў, қосымша жумыс орынларын жаратыў ҳәм ушырасып атырған машқалаларын унамлы шешиў бойынша тараў канигелери менен биргеликте әмелий илажлар белгилеп алынды.

📌 Ушырасыў соңында депутат камбағаллықты қысқартыў – мәмлекетлик саясаттың тийкарғы бағдарларының бири екенлигин атап өтип, бул бағдардағы жумыслар депутатлық қадағалаўда турақлы түрде даўам еттирилетуғынлығын билдирип өтти.

Slide 1 of 3