Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputat máhálledegi ishimlik suwı tarmaǵınıń avariyalıq jaǵdayın úyrendi
янв.21
DEPUTAT MÁHÁLLEDEGI MASHQALALARDI ÚYRENDI
янв.21
Deputat “Jipek jolı” máhálle profilaktika inspektorınıń jumısı menen tanıstı
янв.21
2# TURAQLI KOMISSIYASI MÁJLISI BOLIP ÓTTI
янв.21
TURAQLI KOMISSIYASI MÁJLISI BOLIP ÓTTI
янв.21
ШЫМБАЙДА "ҚУЎАНЫШ ҲӘМ МЕҲИР ҮЛЕСЕЙИК" АКЦИЯСЫ ӨТКЕРИЛДИ
янв.21
WAZIYPALAR BELGILEP ALINDI
янв.21
Deputat rayondaǵı jańadan qurılıp atırǵan tuwıw úyiniń qurılısı menen tanıstı
янв.21
“Doslıq” MPJ aymaǵındaǵı suwǵarıw tarmaqların betonlaw jumısları menen tanıstı
янв.21
Deputat rayondaǵı Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw bóliminiń jumısı menen tanıstı
Қәўипсиз бақша: Депутат тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилди

Қәўипсиз бақша: Депутат тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Б.Утамбетова, Өзбекстан ХДП Мойнақ районлық кеңеси баслығы А.Асенбаева, Халық депутатлары районлық Кеңеси депутаты, партия топары ағзасы К.Насировалар, тийисли тараў кәнигелери  менен биргеликте райондағы 11-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде үйрениў жумыслары алып барылды.

Үйрениў даўамында мәкемеде санитариялық-гигиеналық талапларға әмел етилиўи, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўи, электр үскенелеринен дурыс пайдаланыў жағдайы ҳәм балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар талланды.

Сондай-ақ, балалар ушын жаратылған шараятлар, азық-аўқат өнимлерин сақлаў, таярлаў процесслери көзден өткерилди. Билимлендириў шөлкеминиң жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў, бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасы және қәўипсизлик талапларын күшейтиў бойынша усыныслар берилди.

Slide 1 of 1