Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
“Taǵjap” APJ aymaǵındaǵı qurılıs jumısları menen jaqınnan tanıstı.
янв.21
Deputat Kegeyli kanalınıń Bes-jap tarnawı suw sarplaw jaǵdayın úyrendi
янв.21
Deputat máhállede sanitariya hám jámiyetlik salamatlıq máselelerin dodaladı
янв.21
2-IYUL - ÓZBEKSTAN RESPUBLIKASI MÁMLEKETLIK GERBI QABIL ETILGEN KÚN
янв.21
KEŃES BASLÍǴÍNÍŃ MÁHÁLLE BELSENDILERI MENEN UShÍRASÍWÍ ÓTKERILDI
янв.21
Deputat 2026-2027-oqıw jılına tayarlıq sheńberinde mekteptegi ońlaw jumısları menen tanıstı
янв.21
Deputat Shımbay rayonındaǵı mayıplıǵı bolǵan er adamlar ushın "Múriwbet" úyindegi qurılıs-ońlaw jumısları menen tanıstı
янв.21
seminar
янв.21
30-июнь — Жаслар күни
янв.21
Социаллық объектлер үйренилмекте!
МҮНӘСИБЕТ

Кәсипке инвестиция - келешекке инвестиция

Бүгинги күнде мийнет базары тез пәтлер менен өзгермекте. Жаңа технологиялар ҳәм заманагөй кәсиплер болса турақлы түрде жаңа билим ҳәм көнликпелерди талап етпекте. Сонлықтан Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен жаслар ушын "Кәсиплик ваучер" системасының енгизилиўи өз ўақтында қабыл етилген әҳмийетли баслама болып есапланады.

Процентсиз ссуда түринде берилетуғын бул ваучер арқалы ҳәр жылы 50 мың жас халықаралық стандартларға сәйкес кәсиплерди үйрениў имканиятына ие болады. Бул тек ғана жаслардың билим ҳәм маманлығын арттырып қоймастан, ал олардың мүнәсип жумыс табыўы, жоқары дәраматлы жумыс пенен шуғылланыўы ҳәм мәмлекет экономикасының раўажланыўына үлес қосыўына да хызмет етеди.

Инсан капиталына инвестиция киргизиў - ҳәр қандай мәмлекеттиң ең дурыс таңлаўы болып есапланады. "Кәсиплик ваучер" де тап усы мақсетке хызмет етеди. Себеби, маман, билимли ҳәм интакер жаслар Жаңа Өзбекстанның ең үлкен таянышы болып есапланады.
Енди жаслар алдында әҳмийетли ўазыйпа тур: жаратылған имканияттан ақылға уғрас пайдаланыў, өз үстинде ислеў.

Айтгул ЖОЛЫМБЕТОВА,
Халык депутатлары Мойнак районлык кенеси депутаты, ОзХДП депутатлык топары агзасы