Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
"Ómirdi tańla!" akciyası Shımbay rayonında dawam etpekte
янв.21
Deputat óz saylaw okrugindegi sawda dúkanlarınıń jumısın úyrendi
янв.21
QABILLAW BOLIP ÓTTI
янв.21
Búgin Xalıq deputatları Shımbay rayonlıq Keńesiniń gezektegi 20 - sessiyası bolıp ótti
янв.21
DEPUTAT AWIR KATEGORIYADAǴI MÁHÁLLEDE ÚYRENIW JUMISLARIN ÓTKERDI
янв.21
DEPUTAT MÁHÁLLEDE XALIQ MASHQALALARIN ÚYRENDI
янв.21
DEPUTATLÍQ SORAWÍ UNAMLI SHESHILDI
янв.21
Reje
янв.21
Xalıq deputatları Shımbay rayonlıq Keńesindegi Ózbekstan XDP deputatlıq toparı aǵzası X.Abdijaliyev tárepinen “Gúlistan” MPJ aymaǵındaǵı 7-sanlı MShBShde úyreniw jumısları alıp barılǵanda:
янв.21
КЕҢЕС БАСЛЫҒЫНЫҢ ГЕЗЕКТЕГИ УШЫРАСЫЎЫ ӨТКЕРИЛДИ
Мүнәсибет

 Мүнәсибет 

  Мен, 16-“Қутанкөл” сайлаў
округинен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты Рахат Пурханов
усы жылдың 6 айы даўамында белгиленген
график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында әмелге асырған жумысларым бойынша
сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткерип есабат берип келмектемен.
 

Атап айтқанда,
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық
раўажландырыў бойынша қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлары, Халық депутатлары
Нөкис районлық Кеңеси Сессияларында қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәнисин
ҳаққында түсиниклер берилди.
 

Соның менен
бирге, «Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы» Мәмлекетлик
бағдарламасында нәзерде тутылған реже ҳәм ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат берилди
ҳәм мазмун-мәниси кеңнен түсиндирилди.
 

Жыл басынан
бүгинги күнге шекем сайлаўшылардан 33 мүрәжат келип түскен болып, мүрәжатлар тийисли
жуўапкерлер менен биргеликте унамлы шешим тапты.
 

Мәселен, "Қутанкөл"
мәкан пуқаралар жыйынының "Абат жап" аўылының 3 көшесине қум шағал
араласпасы, "А.Мусаев", "Жанназар жыраў",
"Қутанкөл" көшелерине түнги жақтыландырыў системасы, ҳәм
"Улама" көшесине тезликти пәсейтириўши (жатық полицейский) қурылмасы
орнатып берилди.
 

Соны да атап өтиў
орынлы, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разы
екенлиги, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанлықларын билдирди.
 

Сессия, турақлы
комиссия ҳәм депутатлық топар мәжилислеринде турақлы қатнасып, онда партиямыз
электораты мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип
келмектемен.
 

  

 Рахат Пурханов, 

 16-“Қутанкөл” сайлаў
округинен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты