Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
"Ómirdi tańla!" akciyası Shımbay rayonında dawam etpekte
янв.21
Deputat óz saylaw okrugindegi sawda dúkanlarınıń jumısın úyrendi
янв.21
QABILLAW BOLIP ÓTTI
янв.21
Búgin Xalıq deputatları Shımbay rayonlıq Keńesiniń gezektegi 20 - sessiyası bolıp ótti
янв.21
DEPUTAT AWIR KATEGORIYADAǴI MÁHÁLLEDE ÚYRENIW JUMISLARIN ÓTKERDI
янв.21
DEPUTAT MÁHÁLLEDE XALIQ MASHQALALARIN ÚYRENDI
янв.21
DEPUTATLÍQ SORAWÍ UNAMLI SHESHILDI
янв.21
Reje
янв.21
Xalıq deputatları Shımbay rayonlıq Keńesindegi Ózbekstan XDP deputatlıq toparı aǵzası X.Abdijaliyev tárepinen “Gúlistan” MPJ aymaǵındaǵı 7-sanlı MShBShde úyreniw jumısları alıp barılǵanda:
янв.21
Қәўипсиз бақша: Депутат тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилди
Мүнәсибет

 Стратегиялық бирге ислесиў
жолындағы әҳмийетли қадем
 

  

Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң
Санкт-Петербург қаласына әмелге асырған сапары мәмлекетимиз ҳәм Россия
Федерациясы арасындағы көп қырлы стратегиялық шериклик қатнасықларын және де
беккемлеў, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў және еки
тәреплеме байланысларды кеңейтиўге хызмет етеди.
 

Сапар шеңберинде сиясий сөйлесиўлерди избе-из
даўам еттириў, саўда-экономикалық қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў,
инвестицияларды көбейтиў, санаат кооперациясы, транспорт-логистика, энергетика,
аўыл хожалығы, билимлендириў, илим ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге
ислесиўди кеңейтиў мәселелери тийкарғы әҳмийетке ийе. Бул болса мәмлекетимиз
экономикасына жаңа инвестицияларды тартыў, заманагөй технологияларды алып
кириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм экспорт потенциалын арттырыў ушын
әҳмийетли имканиятлар жаратады.
 

Әсиресе, бүгинги күнде глобал экономикадағы
өзгерислер, халықаралық саўда шынжырларындағы қурамалы процесслер ҳәм геосиясий
жағдайдың өзгериўшеңлиги шараятында сыртқы экономикалық байланысларды
диверсификациялаў, исенимли шериклер менен қатнасықларды беккемлеў ҳәр бир
мәмлекет ушын әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады. Усы көзқарастан,
бундай жоқары дәрежедеги әмелий сапар мәмлекеттиң экономикалық турақлылығын
тәмийинлеў ҳәм узақ мүддетли раўажланыў мақсетлерине ерисиўге хызмет етеди.
 

Өзбекстан кейинги жылларда ашық, прагматикалық
ҳәм турақлы сыртқы сиясатты избе-из әмелге асырып келмекте. Мәмлекетимиз барлық
мәмлекетлер менен тең ҳуқықлы, өз-ара ҳүрмет ҳәм пайдалы бирге ислесиў
принциплерине тийкарланған қатнасықларды раўажландырыў тәрепдары болып
есапланады. Бул қатнас халықаралық майданда Өзбекстанның исенимли ҳәм
жуўапкершиликли шерик сыпатындағы абырайын беккемлеўге хызмет етпекте.
 

Президентимиз тәрепинен әмелге асырылып
атырған ҳәр бир сырт ел сапарының тийкарғы мақсети, бәринен бурын, Өзбекстанның
миллий мәплерин тәмийинлеў, экономикаға инвестициялар тартыў, халықтың
бәнтлигин арттырыў, жаңа өндирис қуўатлықларын жаратыў ҳәм пуқаралардың турмыс
дәрежесин жақсылаўға қаратылған.
 

Соның менен бирге, Өзбекстан өзиниң еркин
сыртқы сиясаты, миллий мәплери ҳәм халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған
принциплерине садық қалған ҳалда, барлық мәмлекетлер менен конструктивлик
сөйлесиў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди избе-из даўам еттириўи
мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыўының әҳмийетли факторларынан бири болып
қалады.
 

  

  

 Нуратдин
Сейтназаров,
 

 2-“Жийдели” сайлаў округинен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси
депутаты