Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Баслы ўазыйпалар белгилеп алынды
янв.21
DEPUTATLIQ USHIRASIW BOLIP ÓTTI
янв.21
WAZIYPALAR BELGILEP ALINDI
янв.21
DEPUTAT ǴÁLLE JIYIN-TERIM BARISI MENEN TANÍSTÍ
янв.21
Xalıq deputatları Shımbay rayonlıq Keńesi baslıǵınıń gezektegi ushırasıwı ótkerildi.
янв.21
“Taǵjap” awıl puqaralar jıyınınıń “máhalle jetiligi” jumısı úyrenildi
янв.21
OLIY MAJLIS NIZAMSHILIQ PALATASI DEPUTATI SHIMBAY RAYONDA BOLDI
янв.21
OLIY MAJLIS NIZAMSHILIQ PALATASI DEPUTATI XALIQ DEPUTATLARI RAYONLIQ KEŃESINIŃ JUMISI MENEN TANISTI.
янв.21
ҮШ ӘЎЛӘД УШЫРАСЫЎЫ
янв.21
"Salamat jámiyet - kúshli mámleket" súreni astında medicinalıq tekseriw ótkerildi
Депутат тәрепинен ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелий жумыслар үйренилди

Депутат тәрепинен ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелий жумыслар үйренилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси  депутаты, ӨзХДП  фракциясы ағзасы Б.Утамбетова "Таллы-өзек" МПЖда ҳәким жәрдемшиси тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин үйренди.

Үйрениў даўамында Өзбекстан  Республикасы Президентиниң 2026-жыл  5-февральдағы 49-санлы қарары менен 12% пенен 33млн кредит алып мәҳәлледе полуфабрикат өнимлерин ислеп шығарыў жумысын жолға қойған исбилермен З.Ахантаеваның жумыс тәжирийбеси менен танысты.
Мәлим болыўынша, оған шаңарақлық исбилерменликти баслаў ушын ҳаял-қызлар белсендисиниң жәрдеминде кредит алыўда әмелий жәрдем көрсетилген. Нәтийжеде исбилермен полуфабрикат өнимлерин ислеп шыгарыў жумысын жолға қойып, өз бизнесин раўажландырыўға ерискен.
Бүгинги күнде ол базарларға, саўда дүканлары ҳәм улыўма аўқатланыў шақапшаларына кондитерөнимлерин жеткерип берип, турақлы дәрамат алып келмекте.

Ушырасыў даўамында исбилермен менен сөйлесиў өткерилип, жумысты және де кеңейтиў, бар машқалаларды сапластырыў ҳәм жаңа имканиятлардан пайдаланыў мәселелери додаланды.

Бундай басламалар ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыўға хызмет етпекте

Slide 1 of 1