Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
#Депутат_мәҳәлледе
янв.21
#Қайырқомлық_илажы
янв.21
#Депутат_мәҳәлледе
янв.21
#Депутат_мәҳәлледе
янв.21
#Шымбай_районы #Депутат_ҳәм_жаслар
янв.21
Diyqanshılıq ilim-izertlew institutınıń jumısı menen tanıstı
янв.21
ШЫМБАЙДА ҚАЙЫРҚОМЛЫҚ ИЛАЖЫ: 27 ШАҢАРАҚҚА АЗЫҚ-АЎҚАТ ӨНИМЛЕРИ ТАРҚАТЫЛДЫ
янв.21
“Qarakól” MPJ aymaǵındaǵı jasawshı sociallıq qorǵawǵa mútaj Eliwbay Kalekeshovtıń halınan xabar alındı hám úy átrapında abadanlastırıw jumısları alıp barıldı.
янв.21
DEPUTAT MÁHÁLLEDEGI SOCIALLIQ OBEKTLERDI ÚYRENDI
янв.21
DEPUTAT MÁHÁLLEDEGI SOCIALLIQ OBEKTLERDI ÚYRENDI
#Депутат_қадағалаўы

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Абадан Утепбергенова "Кеңес" аўыл пуқаралар жыйынында сайлаўшылар менен өткерилген ушырасыў даўамында аймақ турғынлары тәрепинен бир қатар мүрәжатлар келип түскен еди.

Атап айтқанда, “Кеңес” аўыл пуқаралар жыйыны орайында жасаўшы пуқаралар аймақтың таза ишимлик суў менен тәмийинленбегенлигин айтып, 70 ден аслам шаңарақлар ушын 7 км жаңадан таза ишимлик суў тармағын тартыў мәселесинде мүрәжат еткен еди. Усы мәселе бойынша депутат тәрепинен «Қарақалпақсуўтәийнаты» ЖШЖ Шымбай районы филиалы баслығы Е.Бердимуратовқа депутатлық сораўы жиберилген еди. Арадан бир қанша ўақыт өтип «Кеңес» АПЖ орайында жасаўшы 70 ден аслам хожалықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде 7 км аралыққа тазадан ишимлик суўы тармағын тартыў жумыслары қызғын даўам етпекте.

Ишимлик суўы машқаласының шешилиўи депутатлық қадағалаў нәтийжесиниң айқын үлгиси болып, пуқаралардың мүрәжатлары бәрқулла дыққат орайында екениниң әмелий көриниси болып есапланады.

Slide 1 of 5