Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Мүнәсибет
янв.21
ӨЗБЕКСТАН ХДП ШЫМБАЙ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ IV ПЛЕНУМЫ: ЕСАБАТЛАР ҲӘМ РЕЖЕЛЕР КӨРИП ШЫҒЫЛДЫ
янв.21
Xalıq deputatları Shımbay rayonlıq Keńesiniń gezektegi 19- sessiyası bolıp ótti
янв.21
Шымбайда 967 мың АҚШ долларлық жойбар: Жаңа объект халық саламатлығына хызмет етеди
янв.21
ДЕПУТАТ ИТИБАРЫ – БИЛИМЛЕНДИРИЎ САПАСЫНЫҢ КЕПИЛЛИГИ
янв.21
Кеңес баслығының жаслар менен ушырасыўы өткерилди
янв.21
Жаслар сиясаты — баслы дыққат-итибарда
янв.21
“Gújimli” máhállesinde deputatlar hám máhálle jetiligi qatnasında májilis bolıp ótti
янв.21
Turaqlı komissiya májlisi ótkerildi
янв.21
XALIQ DEPUTATLARI SHIMBAY RAYONLIQ KEŃESINIŃ GEZEKTEGI 19-SESSIYASINA SHAQIRILADI
Ўатанды қорғаў – муқаддес бурш: Шымбайлы жаслар әскерий хызметке жиберилди

Илажда Халык депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков, районлық Қорғаныў ислери бөлими баслығы Ф.Назаров ҳәм Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетовлар қатнасты.
Ушырасыў даўамында депутат тәрепинен жасларға Ўатан алдындағы муқаддес миннет, әскерий тәртип ҳәм ўатанға садықлық ҳаққында ҳәр тәреплеме пикирлер билдирилди. Кеңес баслығы нураний сыпатында да шығып сөйлеп, жасларға ақ жол тиледи, олардың хызметти мүнәсип өтеп, саў-саламат қайтыўын тиледи. Бундай ушырасыўлар жасларда ўатансүйиўшилик сезимин және де беккемлеўге хызмет етеди. Соның менен бирге, бундай илажлар өсип атырған жас әўладтың қәлбинде миллий ғәрезсизлик идеяларына садықлық ҳәм ел-журт тәғдирине жуўапкершилик сезимлерин қәлиплестириўде айрықша әҳмийетке ийе.
Илаж соңында жаслар билдирилген исеним ҳәм тилеклер ушын өзлериниң миннетдаршылықларын билдирип, Ўатанға хызмет етиўге таяр екенлигин атап өтти.

Slide 1 of 3