Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
SEMINAR BOLIP ÓTTI
янв.21
DEPUTATLAR QATNASIWINDA OQIW-SEMINAR BOLIP ÓTTI
янв.21
BASLI WAZIYPALAR BELGILEP ALINDI
янв.21
ÓNERMENTSHILIK JUMISI MENEN JAQINNAN TANISTI
янв.21
❗️ Баслы ўазыйпалар белгилеп алынды
янв.21
“Jipek jolı” máhálle jetiligi iskerligi úyrenildi
янв.21
Subsidiya tiykarında quyash panellerin ornatıw jumısları úyrenildi
янв.21
ДЕПУТАТЛАР ТӘРЕПИНЕН МЕКТЕПТЕН ТЫСҚАРЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ СИСТЕМАСЫНЫҢ ЖАҒДАЙЫ ҮЙРЕНИЛДИ
янв.21
Xalıq deputatları Shımbay rayonlıq Keńesi deputatı S.Abdievanıń deputat múrájatı
янв.21
Xalıq deputatları Shımbay rayonlıq Keńesi deputatı S.Abdievanıń deputat múrájatı
Депутатлар өз сайлаў округлеринде есабат ушырасыўларын өткерди

 📌 Депутатлар өз сайлаў округлеринде есабат ушырасыўларын өткерди 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенгеси депутати Ольга Ниязова ҳәм де Өзбекистан Экологиялық партиясынан сайланған Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты Оралхан Сапаровалар өзлерине сайланған сайлаў округлеринде сайлаўшылар менен ушырасып, өткен дәўирдеги жумыслары бойынша есабат берди. 

Ушырасыўлар даўамында депутатлар 

Сайлаўшылардан келип түскен мүрәжатлардың орынланыўы; 

Округ аймағында алып барылған абаданластырыў жумыслары; 

Ҳалықты қыйнап киятырған машқалаларды шешиў бойынша әмелге асырылған илажлар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди. 

Сондай-ақ, пуқаралар тәрепинен билдирилген пикир усыныслар ҳәм машқалалар тыңланып, оларды шешиў бойынша тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди. 

Депутатлық есабатлар — бул халық пенен депутат арасындағы байланысты беккемлеў ҳәм аймақтың раўажланыўына қаратылған нәтийжели қәдем.  

Slide 1 of 3