Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Shımbay rayonında Ózbekstan Respublikası Konstituciyası qabıl etilgeniniń 33 jıllıǵı keń túrde belgilendi
янв.21
8-DEKABR ÓZBEKSTAN RESPUBLIKASINIŃ KONSTITUCIYASINIŃ QABIL ETILGEN KÚNI
янв.21
Меҳир үлесейик акциясы
янв.21
❗️ Шымбай районы ХДП: “ Меҳир үлесейик!” акциясы
янв.21
Депутат мәҳәлледе жойбары
янв.21
Қатарымыздағы жаслар жойбары
янв.21
Депутат мәҳәлледе жойбары
янв.21
# Мүнәсибет
янв.21
#Jergilikli_Keǹes_iskerligi_úyrenildi
янв.21
Жаслар мәслаҳат топары ағзалары район аймағындағы артезиан қудықларды үйренбекте.
# Мүнәсибет

 Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 19-ноябрь күни кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм
халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың жуўмағы ҳәм келеси жыл
ушын тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти. 

Мәжилисте атап өтилгениндей, өткен дәўирде бул
бағдардағы жумысларды төменги буўында дурыс шөлкемлестириў, мәҳәллеме -мәҳәлле
жүрип, жаңа басламаларды таўып, адамлардың турмысын жақсылаўға жуўапкер болған
ўәлаят, район ҳәкимлери ҳәм олардың хызметкерлериниң материаллық-техникалық
имканиятлары түп-тийкарынан жақсыланды. 

Усы жылдың басынан берли жумыссызлық 4,9 процентке
түсти (өткен жылы 5,5 процент болған). Әсиресе, Бухара, Каган, Наўайы,
Зарафшан, Ғазған, Самарқанд, Ширин қалаларында жумыссызлық 4 проценттен
төменлеп, биринши мәрте “тәбийғый жумыссызлық” дәрежесине жақынласты. 

Жәрдемге мүтәж 302 мың шаңарақ кәмбағаллықтан шықты.
Жылдың ақырына шекем кәмбағаллық дәрежеси 6 процентке шекем азайыўы күтилмекте
(өткен жылы 8,9 процент болған). 

Шараяты аўыр болған Ховос, Мырзабад, Ақалтын, Дослық,
Пахтакор, Фориш, Бостан, Вабкент, Миришкор, Мыңбулақ, Узун ҳәм Пискентте
кәмбағал шаңарақлардың саны 4,5 есеге шекем азайды. Бурын аўыр жағдайда болған
105 мың шаңарақ дәрамат көре баслады. 

Усы жылы биринши мәрте 1 мың 435 мәҳәлле
“кәмбағаллықтан жырақ” аймаққа айланды. 

Соның менен бирге, айырым районлардың ҳәкимлери үлкен
ресурсы ҳәм қаржысы бола турып, жумысларды өз ҳалына таслап қойғаны, адамларға
имканиятына жараса таяр жойбар бермегенлиги сынға алынды. 

Келеси жылы кәмбағаллық ҳәм жумыссызлық дәрежесин 4,5
проценттен азайтыў жуўапкерлердиң тийкарғы ўазыйпасы болатуғыны атап өтилди.
Буның ушын келеси жылы экономикаға 450 триллион сум кредит ажыратылатуғыны, 140
триллион сумы мәҳәлледеги киши ҳәм орта жойбарлар ушын берилетуғыны белгиленди. 

Мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы жумысларды
шөлкемлестириўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеп берди. Бириншиси – қурылыс
арқалы халықты жумыслы ҳәм дәраматлы етиў.2026-жылы мәмлекетимизде 675 триллион
сумлық инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген. Соннан 380
триллион сумы қурылыс жумысларына туўра келип, 140 мың квартиралы көп қабатлы
турақ жай қурыў мақсет етилген. 

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеўинде, ҳәр бир
ҳәким буннан нәтийжели пайдаланып, қурылыс тараўының өзинен кеминде 20-25 мың,
жаратылған инфраструктура арқалы 10 мың адамның бәнтлигин тәмийинлеўи мүмкин
екенлиги атап өтилди. 

Ең үлкен жаңалық болса, 2026-жылы биринши мәрте
мәҳәлле инфраструктурасын раўажландырыў ушын 20 триллион сум ўәлаятлардың өзине
бериледи. 

Екинши бағдар сыпатында сервис жойбарларын көбейтип,
халықтың бәнтлигин тәмийинлеў белгиленди. Өткерилген мәжилисте ең жоқары өсиў
пәтин тәмийинлеп атырған тараў хызметлер көрсетиў тармағы екени атап өтилди.
Бирақ, ўәлаят, район ҳәкимлери хызмет көрсетиў тармағына үлкен пәт берип
атырған туризмди раўажландырыў арқалы жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың
дәраматын көбейтиў имканиятларын толық иске қоспай атырғанына тоқталды. 

Егер, елимизде туризм потенциалы жоқары 150 мәҳәллениң
инфраструктурасы жақсыланса, бул жерлерде хызметлер көлемин 10 триллион сумға
жеткериў, 45 мың адамды саўда ҳәм сервисте бәнт етиў мүмкин. Соның ушын, келеси
жылы 150 мәҳәллениң ҳәр бирине инфраструктура ушын 3-5 миллиард сумнан
бериледи. Район банклери бул жерлерде қонақ үйлерин қурыў ушын 150 миллион
сумға шекем жеңиллетилген кредит ажыратыўды жолға қояды. 

Шегара ҳәм анклав аймақлардағы мәҳәллелерге алып
барыўшы жолларды оңлап, ол жерде қонақ үйлери, дем алыў орны, саўда-сервис
объектлерин шөлкемлестириў арқалы шаңарақлардың дәраматын көбейтиў әҳмийетли
екенлиги атап өтилди. Бул мәҳәллелерде дем алыў ҳәм сервис объектлерин қурыў
жойбарлары ушын 1 триллион сум ресурс ажыратыў тапсырылды. 

Буннан тысқары, жағалық ҳәм жол бойында сервисти
раўажландырыў бойынша 500 мәҳәлле таңлап алынған. Район банклери бул жерлерде
кеминде 5 турақлы жумыс орнын жарататуғын жойбарларға 1 миллиард сумға шекем
кредит бериўди жолға қояды. 

Мәжилисте атап өтилгениндей, усы жылдың өзинде 255 күни-түни
ислейтуғын көше иске түсти. Оларда 11 мың хызмет көрсетиў объектлери жумыс
баслады, 27 мыңға шамалас халықтың бәнтлиги тәмийинленди. Келеси жылы буған
қосымша және 200 усындай көшени шөлкемлестириў режелестирилген. 

Бир айда анық “жол картасы”н дүзип, жумысты баслап
жиберген ҳәкимлерге ҳәр бир көше инфраструктурасы ушын 4 миллиард сумға шекем
қаржы ажыратылатуғыны белгиленди. 

Аўқатланыў, саўда ҳәм сервис тараўында өз брендин
жаратқан кәрханалар пүткил республика бойлап 100-150 ден филиалын ашыў нийетинде. 

Бул бағдарда ўәлаят ҳәкимликлерине миллий брендлерге
жәрдемлесиў тапсырылды. Егер, брендлер жаңадан ашылатуғын филиал ушын
хызметкерлерди өзим оқытаман десе, оның қәрежети Бәнтлик қорынан қаплап
бериледи. Филиалын көбейтиў тилегиндеги брендлер ушын жаңа финанслық
инструментлер енгизилип, 2026-жылы оған 500 миллиард сум қаратылады. 

Үшинши бағдар сыпатында санаат жойбарлары арқалы турақлы
жумыс орынларын көбейтиў белгиленди. Атап айтқанда, келеси жылы аймақлардағы
кәрханаларда 52 миллиард долларлық санаат өнимлерин ислеп шығарыў
режелестирилген. Жуўапкерлер жергиликли санаат тармақларында 22 миллиард
долларлық 3,5 мың жойбарды иске қосып, 130 мың турақлы жумыс орнын
шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта елимиздеги 400
мәҳәлле мебель, өнерментшилик ҳәм тигиўшиликке қәнигелескен. Исбилерменлердиң
орны кеңейтилип берилсе, ҳәр бири және 5-10 адамды жумысқа алыўға таяр. 

Сонлықтан район ҳәкимлерине келеси жылы санаатқа
қәнигелескен бундай мәҳәллелерде 50 “микросанаат орайы”н иске қосып, 10 мың
адамды жумыс пенен тәмийинлеў тапсырылды. Бул орайлардың инфраструктурасы ушын
200 миллиард сум ажыратылады. 

Ал, төртинши бағдар етип аўыл хожалығы есабынан
халықтың дәраматларын арттырыў белгиленди. Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде кәмбағаллықты
қысқартыўда халыққа 232 мың гектар жер ажыратып берилгени нәтийжесинде 770 мың
адам дәрамат дәрегине ийе болды. Бирақ, тәжирийбеси жетиспейтуғыны, сапалы
туқым, өнимине базар табыўда қыйналатуғыны себепли олардың үштен биринде
дәрамат аз екенлиги көрсетип өтилди. Сол себепли, Термиз районындағы Қыйтақ жер
мектебиниң тәжирийбесин барлық аймақларда енгизиў, ҳәр бир ўәлаятта кеминде
бесеўден бундай мектеплерди шөлкемлестирип, ижараға жер алған адамларды
дәраматлы егин егиўге үйретиў тапсырылды. Дийқанлар ижараға алған жеринде
жетистирген өнимди кепилликли сатыўы ушын “Экспортшы кооперативлери”
шөлкемлестириледи. 

Бесинши бағдар етип жәрдемге мүтәж шаңарақлардың
социаллық қорғалыўын күшейтиў белгиленди. Соның ишинде, жаңа жылдан баслап «Тең
имканият – инклюзив бәнтлик» жойбарын енгизип, майыплығы болған 40 мың адамды
жумыс пенен тәмийинлеў әҳмийетли екени атап өтилип, бәнтлик қорынан оларға 30
миллион сумға шекем процентсиз ссуда ажыратыў жолға қойылады. 

Солар менен бир қатарда, кәмбағаллыққа қайта түсиў
қәўпи бар шаңарақларға социаллық жәрдем ҳәм жеңилликлер сақлап қалынады. Оларға
6 ай даўамында материаллық жәрдем ҳәм балалар напақасы төлениўи даўам етип,
бақша ҳәм дөгерек қәрежетин қаплаў, емлениў ордеры сыяқлы 110 социаллық хызмет
ҳәм жәрдемнен 12 ай даўамында қосымша пайдаланыў имканияты бериледи. Буннан
тысқары, аўыр турмыслық жағдай себепли кәмбағаллыққа түсип қалыў қәўпи жоқары
болған шаңарақларды алдыннан анықлап, оларға мәнзилли жәрдем көрсетиў жолға
қойылады. 

Мәжилисте Президентимиз тәрепинен жумыс орынларын «көленкеден
шығарыў» мәселесине де тоқтап өтилди. 

Жуўмақлап айтқанда, ҳүрметли Журтбасшымыз тәрепинен
мәжилисте көрсетип өтилген мәселелер ҳәм ислениўи тийис ўазыйпалар халқымыздың
абаданлығы жолында алып барылып атырған ийгиликли ислердиң даўамы болып есапланады.
Әлбетте, белгилеп берилген бул мақсет ҳәм режелерди булжытпай орынлаў бизиң ҳәр
биримиздиң азаматлық ўазыйпамыз болыўы керек. Сонлықтан бизлер жергиликли халық
ўәкили сыпатында бул жумыслардың өз ўақтында сапалы әмелге асыўы ушын
өзлеримиздиң бар билим ҳәм күш-жигеримизди аянбастан жумсай беремиз.  

Ҳамза
Абдижалиев,  

Халық
депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы. 

Slide 1 of 1