Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Shımbay rayonında Ózbekstan Respublikası Konstituciyası qabıl etilgeniniń 33 jıllıǵı keń túrde belgilendi
янв.21
8-DEKABR ÓZBEKSTAN RESPUBLIKASINIŃ KONSTITUCIYASINIŃ QABIL ETILGEN KÚNI
янв.21
Меҳир үлесейик акциясы
янв.21
❗️ Шымбай районы ХДП: “ Меҳир үлесейик!” акциясы
янв.21
Депутат мәҳәлледе жойбары
янв.21
Қатарымыздағы жаслар жойбары
янв.21
Депутат мәҳәлледе жойбары
янв.21
# Мүнәсибет
янв.21
#Jergilikli_Keǹes_iskerligi_úyrenildi
янв.21
Жаслар мәслаҳат топары ағзалары район аймағындағы артезиан қудықларды үйренбекте.
ШЫМБАЙДЫҢ ЕҢ БЕЛСЕНДИ ДЕПУТАТЫ АНЫҚЛАНДЫ

ШЫМБАЙДЫҢ ЕҢ БЕЛСЕНДИ ДЕПУТАТЫ АНЫҚЛАНДЫ

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Шымбай районлық Кеңеси тәрепинен "Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!" сүрени астында Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ағзалары арасында "Ең белсенди депутат" таңлаўының районлық басқышы өткерилди.

Таңлаў қатнасыўшылары 3 шәрт, яғный, "Халықтың машқаласын шешиўдиң ең нәтийжели жолы," "Сиясий тез жуўап бериў" ҳәм "Машқаланы шешиў" шәртлери бойынша өз билим ҳәм тәжирийбелерин көрсетти.

Төрешилер қурамының баҳалаў нәтийжеси бойынша 1-санлы “Р.Низаматдинов” сайлаў округинен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты Абдижалиев Хамза Турсынбаевич биринши орынды, 24-санлы “Водник” сайлаў округинен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты Толыбеков Өмирбек Арзыбекович екинши, 4-санлы “Кеңес” сайлаў округинен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты Утепбергенова Абадан Бекмуратовна үшинши орынды ийеледи ҳәм женимпазлар диплом менен сыйлықланды.

“Жылдың ең жонкүйер депутаты” номинациясы менен Есемуратов Аяпберген Қудайбергенович ҳәм “Ең басламалы депутат” номинациясы менен Ажимуратов Дастенбай Ауезмуратовичлар сыйлықланды.

Slide 1 of 5