Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Шымбай районы ХДП: ШЫМБАЙ РАЙОНЫНДА “ҚАТАРЫМЫЗДАҒЫ ЖАСЛАР” ЖОЙБАРЫ ӨТКЕРИЛДИ.
янв.21
8-dekabr Konstituciya qabıl etilgen kún
янв.21
SHÍMBAYDA DONORLÍQ AKCIYASÍ ÓTKERILDI
янв.21
Shımbay rayonında Ózbekstan Respublikası Konstituciyası qabıl etilgeniniń 33 jıllıǵı keń túrde belgilendi
янв.21
8-DEKABR ÓZBEKSTAN RESPUBLIKASINIŃ KONSTITUCIYASINIŃ QABIL ETILGEN KÚNI
янв.21
Меҳир үлесейик акциясы
янв.21
❗️ Шымбай районы ХДП: “ Меҳир үлесейик!” акциясы
янв.21
Депутат мәҳәлледе жойбары
янв.21
Қатарымыздағы жаслар жойбары
янв.21
Депутат мәҳәлледе жойбары
ДЕПУТАТ МАҲӘЛЛЕДЕ

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиев сайлаўшылар менен ушырасыўында «Гүлистан» МПЖ ҳәм «Тазғара» АПЖ аймағы турғынларын ағын суў менен тәмийинлеўши Айтеке жап салмасының дәслепки 500 метр аралығы тосылып қалғанлығы, сондай-ақ, «Гүлистан» МПЖ аймағында жайласқан Жақсылық көшесине ағын суў жеткерип бериў мақсетинде Айтеке жап салмасына труба қойып, жаңадан салма қаздырып бериў бойынша сайлаўшылар тәрепинен мүрәжатлар келип түскен еди. 

Депутат Х.Абдижалиев өз сайлаўшылары тәрепинен келип түскен жоқарыдағы мүрәжатлерди унамлы шешиў мақсетинде өз есабынан қаржылай жәрдем көрсетилди. 

Усы машқалалардың шешими бойынша алып барылып атырған жумыслар менен танысты, атап айтқанда, райондағы «Гүлистан» МПЖ ҳәм «Тазғара» АПЖ аймақларын ағын суў менен тәмийинлеўши Айтеке жап салмасының тосылып қалған дәслепки 500 метр аралығын қаздырыў нәтийжесинде 300 ден артық хожалықтың ағын суўға болған талабы жақсыланыўына ерисилди. Соның менен бирге, Жақсылық көшесине ағын суў жетип келетуғын салма жоқлығы себепли, депутат тәрепинен жаңадан салма қаздырылып, 3 орынға ағын суў ушын трубалар қойып берилди. Буның нәтийжесинде 62 хожалық ағын суў менен турақлы тәмийинлениўине ерисилди.

Депутат тәрепинен көрсетилген жәрдемлери ушын сайлаўшылар өз миннетдаршылығын билдирди.

Slide 1 of 6