35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
ENG MUHIM QARORLAR MAHALLIY DEPUTATLAR O‘RTASIDA TAQSIMLANDI
янв.21
ENG MUHIM QARORLAR MAHALLIY DEPUTATLAR O‘RTASIDA TAQSIMLANDI
янв.21
Ko‘p qavatli uy aholisi bilan ochiq muloqot
янв.21
Xalq deputatlari Chilonzor tumani Kengashi deputatlari tomonidan 2026-yil iyul oyida yuborilgan deputat so‘rovlari
янв.21
ENG MUHIM QARORLAR MAHALLIY DEPUTATLAR O‘RTASIDA TAQSIMLANDI
янв.21
"Deputat daftari" – fuqarolar murojaatlari doimiy nazoratda
янв.21
QAROVSIZ SPORT MAYDONCHASINI QAYTA TIKLASH YUZASIDAN DEPUTAT SO‘ROVI YUBORILDI
янв.21
MAHALLA ICHKI KO‘CHALARI, OBODONLASHTIRISH VA TOZALIK HOLATI O‘RGANILDI
янв.21
DEPUTAT VA MAHALLA FAOLLARI: MUAMMOLAR O‘RGANILIB, YECHIMLAR MUHOKAMA QILINDI.
янв.21
HUDUDDAGI QAROVSIZ SPORT MAYDONCHASI HOLATI O‘RGANILDI
#Шымбай_районы #Бир_мәҳәлле_бир_баслама #Депутат_қадағалаўы #Депутат_мәҳәлледе

❗️ Шымбай районында халықтың турмыс шараятын жақсылаў, аймақлардың инфраструктурасын жетилистириў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, райондағы «Гүлистан» мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағына «Жаңа Өзбекстан көринисиндеги мәҳәлле» статусының берилиўи мәҳәлле турмысында жаңа раўажланыў дәўирин баслап берди.

♻️ Бул баслама шеңберинде бүгинги күнде аймақтағы «Жақсылық» көшесиниң 1,8 км аралығына заманагөй асфальт төсеў жумыслары қызғын алып барылмақта. Усы алып барылып атырған усы қурылыс-оңлаў жумысларының барысы менен жақыннан танысыў мақсетинде, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиев өзи сайланған «Гүлистан» МПЖ аймағында болды.

✅ Илаж даўамында депутат Х.Абдижалиев тәрепинен қурылыс жумысларының белгиленген стандартлар тийкарында, сапалы орынланыўы бойынша жуўапкерлерге тийисли усыныслар берилди. Сондай-ақ, көше бойлап алып барылып атырған жол қурылысының бүгинги жағдайы ҳәм жумысшылар ушын жаратылған шараятлар толық үйренилди.

✍️ Илаж соңында депутат Х.Абдижалиев тәрепинен үйрениў барысында тийисли тараў қәнигелери ҳәм қурылысшылар менен пикирлесип, жумысларды өз мүддетинде сапалы жуўмақлаў бойынша усынысларын билдирди.

Slide 1 of 5