Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputat nazoratida.
янв.21
Fidoiy deputatimiz e’tirof etildi
янв.21
Bolalar uchun zamonaviy va xavfsiz muhit yaratish maqsadida bolalar maydonchasini rekonstruksiya qilish hamda hududni kompleks ravishda obodonlashtirish yuzasidan tegishli tashkilotlarga deputatlik so‘rovi yuborildi.
янв.21
Chilonzor tumanida deputat axboroti eshitildi
янв.21
Chilonzor tumanida yoshlar uchun yana bir muhim qadam!
янв.21
Zarqo‘rg‘on mahallasi hududidagi muammolar o'rganildi
янв.21
Deputat Abdullayeva Barno Sayfutdinovna saylovchilar oldida axborot berdi
янв.21
Xalq deputatlari Chilonzor tuman Kengashi Yakkatut-saylov okrugi deputati deputati Shodmonov Shoxrux O‘ktamovich saylovchilar oldida 2025-yil IV-chorak davomida qilingan ishlar to‘g‘risida axborot berdi
янв.21
Xalq deputatlari Chilonzor tumani Kengashi deputati Azam Mavlonov 2025-yilning to‘rtinchi choragi bo‘yicha axborot berdi
янв.21
Xalq deputatlari Chilonzor tuman Kengashi deputati, 18-«Guliston» saylov okrugidan saylangan Kim Marina Melisovna tomonidan 2025-yilning to‘rtinchi choragi yakunlari yuzasidan saylovchilar bilan ochiq muloqot o‘tkazildi.
Мүнәсибет

ЖАСЛАР СИЯСАТЫНДА ЖАҢА ШЕКЛЕР ҲӘМ ӘМЕЛИЙ ҚӘДЕМЛЕР

24-февраль күни ҳүрметли Президентимиздиң жаслар менен сөйлесиўи болып өтти. Қызғын ҳәм ашық сөйлесиў руўхында өткен бул ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы жасларымыз мәмлекет раўажланыўының оғада үлкен экономикалық, социаллық ҳәм сиясий күши екенин айрықша атап өтти.


Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, бүгинги күнде барлық дәрежедеги басшылар жаслар менен ислесиўди тийкарғы ўазыйпа сыпатында қабыл етиўи шәрт. Жасларды шет тиллер ҳәм заманагөй кәсип-өнерлерге үйретиў, оларды спортқа кеңнен тартыў, баслама ҳәм идеяларын қоллап-қуўатлаў, инновациялық жойбар ҳәм стартапларына әмелий жәрдем бериў - әҳмиетли ўазыйпалар сыпатында белгиленди.

Сондай-ақ, жасларды жумыслы ҳәм турақлы дәраматлы етиў, олардың жәмиетте өз орнын табыўына шараят жаратыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири екени атап өтилди.

Бул ушырасыў жасларымызға болған жоқары исеним ҳәм итибардың және бир айқын көриниси болды.

Өткен даўирде жасларға жаратылған имканиятлар нәтийжесинде жасларымыз жәҳән пән олимпиадаларында мүнәсип қатнасып, жәми 400 ден зыят медаль, атап айтқанда, 66 алтын, 147 гүмис ҳәм 221 бронза медалын қолға киргизгени үлкен мақтаныш пенен тилге алынды. Гарвард, Йель, Принстон, Колумбия ҳәм де Корнелл сыяқлы абыройлы жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студент жасларымыз саны 500 ден, ТОП-100 деги жоқары оқыў орынларында оқып атырған жигит-қызларымыз саны болса 3,5 мыңнан артқаны да усы жаратылған имканиятлардың мийўеси десек қәтелеспеймиз.

Өткен жылы жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын банклер ҳәм Жаслар ислери агентлигине 400 миллион доллар қаратылды. "Жаслар бизнеси" ҳәм "Келешекке қәдем" бағдарламалары есабынан 15 мың жас өз исбилерменлигин жолға қойып, 50 мың адам жумыс пенен тәмийинленди.

Ушырасыўда мәмлекетимизде ҳәр жылы 600 мың жас мийнет базарына кирип киятырғаны, 2030-жылға барып, бул көрсеткиш 1 миллионға жетиўи күтилип атырғаны, жасларға өз имканияты ҳәм қызығыўшылығына сәйкес жумыс табыўы ушын шараят жаратыў бүгинги күнниң ең әҳмийетли мәселеси екенлиги айтып өтилди.

Сонлықтан, Президентимиз тәрепинен жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў ушын қосымша 200 миллион доллар ажыратылатуғынын ҳәм де қаржыландырыў имканиятлары кеңейтилип, өзин-өзи бәнт еткен жаслар ушын кредит муғдары 100 миллион сумнан 300 миллион сумға шекем арттырылатуғынын атап өтти.

Жас исбилерменлердиң жойбарлары ушын 10 миллиард сумға шекем кредит ажыратыў мүмкин болады. Инновациялық стартап жойбарларына 100 мың долларға шекем инвестиция киргизиўге рухсат бериледи. Хызмет көрсетиў ҳәм улыўма аўқатланыў тараўында 1 мыңнан аслам жумыс орнын жаратқан жергиликли брендлерден франшиза алып, филиал ашыўға қызыққан жаслар ушын қолайлы қаржыландырыў пакетлери енгизиледи.

Усы жылдан "Келешек исбилермен" бағдарламасы иске қосылып, жас исбилерменлерге 7 жыл мүддетке шекем 15 процентлик кредит ажыратыў жолға қойылады.

Социаллық басламалар бойынша "Өз пикириңди бер (Voice Up)" инклюзив дем алыў орайының тәжирийбеси кеңейтилип, оны ҳәр бир аймақта өткериў ҳәм 1 мың жасты қамтып алыў, ең жақсы басламалардың қатнасыўында Самарқанд қаласында Халықаралық инклюзив жаслар дем алыў орайын шөлкемлестириў ўазыйпасы белгиленди.

Жуўмақлап айтқанда, мәмлекетимиз басшысының жаслар менен ашық сөйлесиўи елимизде жаслар сиясаты избе-из ҳәм анық мақсетлер тийкарында даўам етип атырғанын және бир мәрте көрсетти. Белгиленген ўазыйпалар ҳәм жаратылған имканиятлар - бул тек ғана исеним емес, ал үлкен жуўапкершилик болып есапланады. Биз, жаслар, мине, усы жоқары итибар ҳәм ғамхорлыққа мүнәсип болып, билим ҳәм потенциалымызды елимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абаданлығы жолында жумсаўға таярмыз.

Бундай ушырасыўлар жасларымыздың арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыў, олардың баслама ҳәм идеяларын қоллап-қуўатлаўда беккем тийкар болып хызмет ететуғынына исенемиз. Ўатанымыз келешеги болған жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар болса Жаңа Өзбекстан раўажланыўының ең әҳмийетли кепили болып есапланады.

Сыдық НУРМАМБЕТОВ,

Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси баслығы

Slide 1 of 1