Мәмлекетимизде инсан қәдири, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж пуқараларға ғамхорлық көрсетиў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланған.
Бул бағдарда бәрше пуқараларымыз сыяқлы имканияты шекленген пуқараларға, әсиресе жасларға итибар ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша кеўил бөлинбекте.
Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутаты Ғ.Матмуратов районымыздағы 17-санлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде болып бул орындағы тәрбияланыўшыларға жаратылған шараятлар менен танысып, балаларға саўғалар тапсырды.
Мийманларға тәрбияланыўшылар тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.