Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Buloqboshi tumani Bolalar va o‘smirlar sport maktabi faoliyati o’rganildi.
янв.21
Deputat mahallada!
янв.21
Deputat Toshtemirov Murotbek Sanoat va to‘qimachilik korxonalari faoliyati bilan tanishdi
янв.21
Xalq deputatlari Buloqboshi tuman Kengashining navbatdagi 16-sessiyasi bo‘lib o‘tdi
янв.21
Ta’lim muassasasida o‘quvchi-yoshlar uchun yaratilayotgan shart-sharoitlar deputat nazoratida
янв.21
Yangi O‘zbekiston qiyofasi kompleks rivojlantirish dasturi bo‘yicha uchrashuv o‘tkazildi.
янв.21
“Ajrim yoqasidagi oilalar taqdiri – e’tibor markazida”
янв.21
Aholi va qishloq xo‘jaligini ro‘yxatga olish jarayoni ko‘zdan kechirildi.
янв.21
MUROJAATLAR VA IJRO MASALALARI YUZASIDAN UCHRASHUV
янв.21
Murojaatnomaga munosabat.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратов, Халық депутатлары Нөкис районлық кеңеси 3-санлы Шортанбай сайлаў округинен М.Оразимбетова, хәм ӨзЛиДеП Нөкис районлық Кеңеси баслығының биринши орынбасары-аппарат басшысы Қ.Исмайлов Нөкис районы «Қырантаў» АПЖ аймағында жайласқан қәнигелестирилген мектебинде болып, мектептиң жумысы, билимлендириўдиң сапасы ҳәм жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратов, Халық депутатлары Нөкис районлық кеңеси 3-санлы Шортанбай сайлаў округинен М.Оразимбетова, хәм ӨзЛиДеП Нөкис районлық Кеңеси баслығының биринши орынбасары-аппарат басшысы Қ.Исмайлов Нөкис районы «Қырантаў» АПЖ аймағында жайласқан қәнигелестирилген мектебинде болып, мектептиң жумысы, билимлендириўдиң сапасы ҳәм жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Мектеп Оқыўшылар тәрепинен жаратылған көркем шығармалар,

-Заманагөй үскенеленген кабинетлери мененде жақыннан танысып, жаратылған шараятлар депутатлар тәрепинен унамлы баҳа берилди.

Буннан соң, қыс мәўсиминде мектеп жумысын үзликсиз шөлкемлестириў, аймақты абаданластырыў, жол ҳәм қоршаған орталықты таза сақлаў, оқыўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша мектеп администрациясы ҳәм муғаллимлердиң жуўапкершилиги бойынша да сораў-жуўаплар өткерилди.

Буннан соң креатив жаслар мәселеси айрықша итибар орайында болып "Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери" жойбарында жаслар өзлериниң креатив идеялары ҳәм исбилерменлик басламалары менен мийманларды таныстырды. Өз нәўбетинде мийманларда жаслардың дөретиўшилик ҳәм инновациялық потенциалын исбилерменлик жумысы арқалы жүзеге шығарыўға бағдарлап, оларға жол жобалар көрсетти. 

 Окытыушылар тарепинен, қәнигелестирилген мектепте жаслардың потенциалын раўажландырыў, IТ бағдары бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, заманагөй технологияларды оқытыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында презентация өткерилди.

Презентацияда мектепте

IТ бағдарындағы дөгереклердиң жумысы,

креатив пикирлейтуғын жасларды анықлаў ҳәм қоллап-қуўатлаў,

санлы технологиялар арқалы жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў,

келешек кәсиплерине бағдарлаў мәселелери

кеңнен жарытып берилди.

Сондай-ақ, "Депутат ҳәм жаслар" ушырасыўы өткерилди.

Ушырасыўда депутат тәрепинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасының искерлиги, нызамлар қабыл етиў процеси ҳәм сиясий партиялардың рөли ҳаққында кең түрде түсиник берип өтти.

Соның менен бирге, бүгинги күнде мәмлекетимиз тәрепинен жасларға жаратылып атырған имканиятлар, атап айтқанда, креатив пикирлейтуғын жаслардың Start up жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар бойыншада түсиник берди.

Өз нәўбетинде оқыўшы жасларда өзлериниң қызықтырған сораўларын берип пикир алмасты. Соңинан мектептеги белсенди жас оқытыўшылар партия ағзалығына қабыл етилип оларға ағзалық гүўалықлары ҳәм партиямыздың естелик саўғалары тапсырылды.

Slide 1 of 1