Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputatlıq ushırasıw ótkerildi.
янв.21
Turaqlı komissiyanıń gezektegi májilisi bolıp ótti
янв.21
13-sanlı ulıwma bilim beriw mektebinde úyreniw jumısları alıp barıldı.
янв.21
Mayıp balalardıń bilim alıw huqıqı — deputatlıq qadaǵalawında
янв.21
Balalar maydanshasındaǵı jumıslardıń barısı menen tanıstı
янв.21
Mayıp balalardıń bilim alıw huqıqı — deputatlıq qadaǵalawında
янв.21
Máhállede ózin-ózi basqarıw xızmeti úyrenildi
янв.21
Aspantay APJ puqaraları: "Búgingi kúnimizge shúkir, deputatlarǵa raxmet!"
янв.21
XALIQTIŃ DÁRAMATLARIN ARTTIRIW - ITIBARDAǴI ÁHMIYETLI MÁSELE
янв.21
Deputat úyreniwleri: mekteptiń gúz-qıs máwsimine tayarlıǵı
Жәмийетлик_қадағалаў

♻️ Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси Атқарыў комитети Президиумының 2026-жыл 3-апрельдеги Ҳ-4/3-санлы қарары тийкарында Шымбай районы «Көкши қала» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 36-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде арнаўлы жумысшы топар тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды.

✅ Илажда Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты бас қәнигеси Н.Бердимуратов ҳәм тийисли тараў қәнигелери қатнасты.

✍️Үйрениў даўамында мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде Санитариялық-гигиеналық талаплардың орынланыўы, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўи, электр үскенелеринен дурыс пайдаланыў жағдайы ҳәм балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеў илажлары, Балалар ушын жаратылған шараятлар, азық-аўқат өнимлерин туўры сақлаў ҳәм аўқат таярлаў процесслери көзден өткерилди. Сондай-ақ, билимлендириў шөлкеминиң жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў, бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасы және қәўипсизлик талапларын күшейтиў бойынша усыныслар берилди.

📌 Район аймағындағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде бундай жәмийетлик қадағалаў ҳәм үйрениў жумыслары турақлы даўам етпекте.

Slide 1 of 4