Шымбайда «Депутат ҳәм жаслар» ушырасыўы өткерилди
✅ Шымбай районында жаслардың социаллық-сиясий белсендилигин арттырыў, оларды мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәниси менен жақыннан таныстырыў мақсетинде «Исбилермен» басланғыш партия шөлкеминде «Депутат ҳәм жаслар» ушырасыўы өткерилди.
♻️ Ушырасыўда Халық депутатлары Шымбай районлық Кенесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова қатнасып, бүгинги күнде Жаңа Өзбекстанды қурыў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли реформалар, ерисилип атырған нәтийжелер ҳәм социаллық-экономикалық жетискенликлер ҳаққында анық мысаллар негизинде кең түрде түсиниклер берип өтти.
Атап айтканда, соңғы жыллары елимизде жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың сапалы билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ҳәм исбилерменлик басламаларын әмелге асырыўы ушын жаратылып атырған имканиятлар айрықша айтип өтилди.
📌 Ушырасыў соңында жаслар өзләрин қызықтырған сораўларына толық жуўап алды. Соның менен бирге, ушырасыў соңында жаслар тәрепинен билдирилген айрым усыныслар ҳәм машқалалар үйренилип, оларды унайлы шешиў бойынша анық илажлар белгилеп алынды.