Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Jańa Ózbekstan kórinisindegi máhálleler qatarına Erkindarya awıl puqaralar jıyını da qosıldı
янв.21
Deputat Aspantay awıl puqaralar jıyınında boldı
янв.21
Xalq deputatlari Bo‘zatov tumani Kengashi huzurida tashkil etilgan yoshlar maslahat guruhi a’zolari bilan uchrashuv bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Deputatlar «Aqeden» awılında boldı
янв.21
Deputatlıq jekke qabıllawı ótkerildi.
янв.21
Deputat óz aymaǵında
янв.21
Deputatlardıń saylawshılarǵa esap beriw rejeleri dodalandı
янв.21
Xalıqtıń mútájligi - deputat itibarında
янв.21
Bozataw rayonı Abadanlastırıw basqarmasında úyreniw jumısları alıp barıldı.
янв.21
«Máhálle jettiligi» sisteması boyınsha alıp barılıp atırǵan jumıslar úyrenildi
Қәўипсиз бақша: Депутат тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилди

Қәўипсиз бақша: Депутат тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилди

♻️ Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси ҳәм Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ағзалары, тийисли тараў кәнигелери менен биргеликте райондағы 7-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде үйрениў жумыслары алып барылды.

Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалев, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов ҳәм тийисли тараў қәнигелери қатнасты.

✅ Үйрениў даўамында мәкемеде санитариялық-гигиеналық талапларға әмел етилиўи, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўи, электр үскенелеринен дурыс пайдаланыў жағдайы ҳәм балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар талланды.

✍️ Сондай-ақ, балалар ушын жаратылған шараятлар, азық-аўқат өнимлерин сақлаў, таярлаў процесслери көзден өткерилди. Билимлендириў шөлкеминиң жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў, бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасы және қәўипсизлик талапларын күшейтиў бойынша усыныслар берилди.

Slide 1 of 7