Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
To‘da mahallasida ko‘prik qurish masalasi o‘rganildi
янв.21
Tuzbozor mahallasida ichimlik suvi ta’minoti masalasi o‘rganildi
янв.21
Ko‘chkak mahallasida hokim yordamchisi faoliyati o‘rganildi
янв.21
Ko‘chkak mahallasida xotin-qizlar faoli faoliyati o‘rganildi
янв.21
Xo‘jabulg‘on mahallasi aholisi murojaati deputatlik so‘roviga asos bo‘ldi
янв.21
Keksa va nogironligi bo‘lgan fuqarolarga sayyor tibbiy xizmat ko‘rsatildi
янв.21
To‘da mahallasida profilaktika inspektori faoliyati o‘rganildi
янв.21
To‘da mahallasida ariqlarni betonlash ishlari o‘rganildi
янв.21
BOShRABOT MAHALLASIDA XOTIN-QIZLAR BANDLIGI MASALALARI O‘RGANILDI
янв.21
KOSIBLAR MAHALLASIDA ELEKTR TA’MINOTI MASALASI O‘RGANILDI
Қәўипсиз бақша: Жумысшы топар тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилди

#Шымбай_районы
#Жәмийетлик_қадағалаў

Қәўипсиз бақша: Жумысшы топар тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилди

✅ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси ҳәм де тийисли тараў кәнигелери менен биргеликте «Қамыс арық» АПЖ аймағындағы 31-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемесинде үйрениў жумыслары алып барылды.

Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты Г.Ешмуратова, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты бас қәнигеси Ш.Аметов ҳәм тийисли тараў қәнигелери қатнасты.

♻️ Үйрениў даўамында мәкемеде санитариялық-гигиеналық талапларға әмел етилиўи, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўи, электр үскенелеринен дурыс пайдаланыў жағдайы ҳәм балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар талланды. Сондай-ақ, балалар ушын жаратылған шараятлар, азық-аўқат өнимлерин сақлаў, таярлаў процесслери көзден өткерилди. Билимлендириў шөлкеминиң жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў, бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасы және қәўипсизлик талапларын күшейтиў бойынша усыныслар берилди.

📌 Орынларда үйрениў жумыслары даўам етпекте.

Slide 1 of 4