Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қабыл етилген "Өзбекстан Республикасында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымлары жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы" мәмлекетимизде басқарыў системасын демократиялық принциплер тийкарында түп-тийкарынан жаңалаўға қаратылған әҳмийетли ҳүжжет сыпатында тарийхқа киретуғыны сөзсиз.
Концепцияда халық депутатлары Кеңеслериниң ҳуқықый статусы, ўәкилликлери, орынлардағы социаллық-экономикалық мәселелерди шешиўдеги қатнасы және де анық белгилеп берилди. Бул болса депутатлардың интасы ҳәм жуўапкершилигин арттырыўға, ҳәкимияттың ашық ҳәм есап бериўши система сыпатында жумыс алып барыўына хызмет етеди.
Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП топары ағзасы А.Жолымбетова