Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊес депутатларының район аймағында халық пенен ушырасылары даўам етпекте. Гезектеги ушырасыўлар дин ислери комитетинен ҳәм районлық сиясий партиялар, мәкеме, жәмийетлик шѳлкемлерден ўәкиллер биргеликте Ак.С.Камалов аўыл пуқаралар жыйынында шѳлкемлестирилип, онда нураныйлар, көше бийлери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты. Ушырасыўда депутатлар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери тәрепинен аймақты социал-экономикалық раўажландырыў барысында жаңа нызам, қарарлар әҳмийети атап ѳтилип, абаданластырыў илажлары, мәҳәлледе социал-руўхый орталықты саламатластырыў, кеңпейиллик ҳәм жаслар мәнаўияты, шаңарақта перзент тәрбиясы бағдарында пикир алысылды. Мәмлекетимизде халықты социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа ѳзгерислер, имканиятлар ҳәм жеңилликлер, тараўлардағы раўажланыўлар таныстырылды.