Yangiliklar

Ҳаял-қызлар менен жақыннан сәўбетлесиўге бағдарланған ушырасыў Ак.С.Камалов аўыл пуқаралар жыйынында болып өтти.

Ҳаял-қызлар менен жақыннан сәўбетлесиўге бағдарланған ушырасыў Ак.С.Камалов аўыл пуқаралар жыйынында болып өтти. Ушырасыўға район ҳәкими орынбасары, шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Р.Сагидуллаева, районлық Кеӊес депутатлары С.Сайымова, А.Келимбетова, Г.Мнажатдинова аймақтағы өрнекли ҳәм белсенди аналар, ҳаял-қызлар қатнасты. Ушырасыўда мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардыӊ жәмийетте белсендилигин асырыў, миллий қәдриятларымызға сай рәўиште нураный апаларымыздыӊ жаслар тәрбиясындағы ролин еледе асырыў, турмысқа таярлаў бағдарында кеӊнен пикирлесилди. Кейўаны аналар менен биргеликте жаслар тәрбиясы, социал-руўхый орталықты тәмийинлеў, қызларды турмысқа таярлаў ҳәм ерте неке, ажырымлардың алдын алыў, басқада турмыслық мәселелерде биргеликте ислесиў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Slide 1 of 5