«ТАЗҒАРА» АПЖ АЙМАҒЫНДА ҮЙМЕ-ҮЙ ЖҮРИП, ПУҚАРАЛАР МАШҚАЛАЛАРЫ ҮЙРЕНИЛДИ
✅ Халық пенен турақлы пикирлесиў, олардың мүрәжатларын терең үйрениў ҳәм анықланған машқалаларды өз ўақтында шешиў — бүгинги күнде депутатлық искерлигиниң баслы бағдарларынан бири есапланады.
Усы мүнәсибет пенен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиев «Тазғара» АПЖ аймағында болды
♻️ Ушырасыў даўамында депутат мәҳәлле белсендилери ҳәм тийисли шөлкем ўәкиллери менен биргеликте үйме-үй жүрип, пуқаралардың жасаў шараяты, аймақтағы инфраструктуралардың жағдайы ҳәм халықты кыйнап киятырған баслы мәселелер менен жақыннан танысылып, билдирилген пикир ҳәм усыныслар депутат тәрепинен жеке бақлаўға алынды ҳәм тийисли шөлкем басшыларына тапсырмалар берилди.
✍️ Бундай ашық-айдын сәўбетлер ҳәм үйме-үй жүриў илажлары районның баска да аймақларында турақлы түрде даўам еттириледи.