Жаслар мәслаҳат топары ағзалары район аймағындағы артезиан қудықларды үйренбекте.
♻️ Бүгин Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси жанындағы Жаслар мәслаҳат топары ағзалары «Көкши қала» МПЖ аймағы А.Турымбетов көшесинде жайласқан артезиан қудығынан ағып шығатуғын суў қурамын анықлаў мақсетинде үйрениў өткерилди.
✅ Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты хызметкерлери, Мәслаҳат топары ағзалары ҳәм районлық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлығы бөлими шыпакери А.Сырғабаевлар қатнасты
📝 Илаж соңында тийисли қәнигелер тәрепинен усы артезиан қудықтан ағып шығыўшы суўдан үлгилер алынып, оның қурамын анықлаў бойынша лабараторияға жиберилди.