Қараөзек районы руўхый ағартыўшылық сарайында той, мерекелерди ықшамластырыў, артықша ысырапгершиликтиӊ алдын алыў бағдарында ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўға Халық депутатлары районлық Кеӊеси депутатлары, жасы үлкен нураныйлар ҳәм жәмийетлик шөлкем ўәкиллери қатнасты. Ушырасыўда районлық Кеӊес депутаты, Нураный қоры баслығы М.Гулимбетов шығып сөйлеп, ҳәзирги ўақытта жәмийетимизде ысырапгершилик ҳәм дәбдебебазлықтыӊ артып баратырғанлығы ҳәм бул бағдарда алдын алыў керек болған ўазыйпалар ҳаққында тоқталып өтти.
Ушырасыў жуўмағы менен аймақларда бул бағдарда нураныйлар ҳәм депутатлар қатнасында үгит-нәсият жумысларын шөлкемлестириў илажлары белгиленди.