Мойнақта ҳаял-қызлар менен ашық сәўбет өткерилди
Өзбекстан ХДП Мойнақ районлық кеңеси ҳәм Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиндеги партия топары тәрепинен "Дослық" БПШде “Ерте турмыс қурыў ҳәм ажырасыўлардың алдын алыў” атамасында дөгерек сәўбети өткерилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Б.Утамбетова, Өзбекстан ХДП Мойнақ районлық Кеңеси баслығы А.Асенбаева ҳәм Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиндеги партия топары басшысы У.Урынбаевалар сөзге шығып, елимизде шаңараққа жәмийетлик буўын сыпатында итибар қаратылып атырғанлығы, келешек ийелери шаңарақта тәрбияланыўы ҳәм кәмалға келиўи, шаңарақ ҳәм оның әҳмийети ҳаққында, ерте турмыс қурыў ҳәм ажырасыўлардың алдын алыў бойынша кең түрде түсиниклер берди.