35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

Пуқаралардың мүрәжаты тыңланды

Пуқаралардың мүрәжаты тыңланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Б.Утамбетова ҳәм Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси секретариаты баслығы К.Насировалар “Тик-өзек” аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасты.

👥 Ушырасыў даўамында пуқаралардың бир қатар мүрәжатлары тыңланды. Атап айтқанда:

💧 Қыйтақ жерлерди суўғарыў ушын суў алып келиў;

🏠 үй-жай мәселелери;

🧹 үйлер алдындағы шығындыларды алыў;

💡 түнги жақтыландырыў;

🏞 балалар ушын майданшалар қурыў;

💬 Сондай-ақ, турғынлар аймақтағы машқалалы мәселелер бойынша өз пикир ҳәм усынысларын билдирди.

📋 Көтерилген барлық мәселелер депутатлық ўәкиллик шеңберинде үйренип шығылып, оларды шешиў бойынша тийисли ўазыйпалар белгиленди.

Slide 1 of 5