Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
QONUN IJROSI JOYIGA CHIQQAN HOLDA O‘RGANILDI
янв.21
DOIMIY KOMISSIYA QARORI: CHORVACHILIK VA VETERINARIYA SOHASIDAGI ISHLAR MUHOKAMA QILINDI
янв.21
QONUN IJROSI O‘RGANILDI
янв.21
30-IYUN — YOSHLAR KUNI munosabati bilan samimiy tabriklaymiz!
янв.21
TUMAN DASTURI DOIRASIDA OLIB BORILAYOTGAN QURILISH ISHLARI O‘RGANILDI
янв.21
MAHALLADA YOSHLAR SIYOSATI YO‘NALISHIDAGI ISHLAR O‘RGANILDI
янв.21
XALQ DEPUTATLARI BOG‘OT TUMANI KENGASHINING YETTINCHI CHAQIRIQ 37-SESSIYASI BO‘LIB O‘TDI
янв.21
MUHIM MASALA DOIMIY KOMISSIYA YIG‘ILISHIDA MUHOKAMA QILINDI
янв.21
AGRAR, SUV XO‘JALIGI VA EKOLOGIYA MASALALARI BO‘YICHA DOIMIY KOMISSIYA YIG‘ILISHI O‘TKAZILDI
янв.21
AHOLI MUROJAATLARI — AMALIY YECHIMLAR SARI
Мүнәсибет

Жаслар келешегине инвестиция: "Касип ваучери" - жаңа имканиятлар есиги

Президент Шавкат Мирзиёевтиң жаслар менен ушырасыўында жәрияланған жаңа басламалар мәмлекетте инсан капиталына қаратылып атырған итибардың және бир әмелий көриниси болды.

Әсиресе, "кәсиплик ваучер" системасының енгизилиўи жасларды заманагөй кәсип-өнерлерге оқытыў ҳәм олардың мийнет базарында бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға хызмет етеди.
Бул системаға бола, қолында кәсиби болған, бирақ халықаралық талапларға сәйкес жаңа көнликпелерди иелеўди қәлеген жасларға проценциз ссуда түринде "кәсип ваучеры" бериледи. Ҳәр жылы 50 мың жастың заманагөй кәсиплерди үйрениў қәрежетлери мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланыўы үлкен әҳмиетке ийе.

Бүгинги күнде санлы технологиялар, жасалма интеллект, программаластырыў, шет тиллери ҳәм басқа да талап жоқары болған бағдарларда билим ҳәм көнликпелерге талап артып бармақта. Усы көзқарастан, "кәсиплик ваучер" жасларға өз үстинде ислеў, жаңа имканиятларды қолға киргизиў ҳәм мүнәсип жумыс орынларына ийе болыў ушын беккем тийкар жаратады.

Ең әҳмийетлиси, бул баслама жаслардың өз келешегине исенимин беккемлеп, олардың экономикалық белсендилиги ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўына қосып атырған үлесин және де арттырыўға хызмет етеди. Бундай реформалар Жаңа Өзбекстанда жаслардың мәпи мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири екенин және бир мәрте тастыйықлайды.

Арыўхан АСЕНБАЕВА,
ӨзХДП Мойнақ районлық кеңеси баслығы