Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
ДЕПУТАТ ЎЗ ФАОЛИЯТИ ЮЗАСИДАН АХБОРОТ БЕРДИ
янв.21
Халқ депутатлари Беруний тумани Кенгаши депутати П.Раззакова Шоббоз овул фуқаролар йиғинида учрашув ўтказди.
янв.21
Беруний тумани "Халқ минбари" газетасининг 2026-йил, 31-январь кунги 2-сонида депутатлар фаолияти
янв.21
Xalq deputatlari Beruniy tuman Kengashining yigirmanchi sessiyasi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Мурожаатномада устувор йўналиш бўйича тарғибот тадбири ўтказилди.
янв.21
"O'zbekiston - 2030" strategiyasini takomillashtirishning mazmun-mohiyati va uning amaliy ahamiyati bo'yicha Xalq deputatlari Beruniy tuman Kengashi ishtirokidagi muhokama bo'lib o'tdi.
янв.21
Xalq deputatlari Beruniy tumani Kengashining “Mahalliy budjet, tadbirkorlikni rivojlantirish va iqtisodiy islohatlar masalalari” bo‘yicha hamda “Reglament va deputatlik odob-axloqi masalalari” bo‘yicha doimiy komisiyalarining navbatdagi yig‘ilishi o‘tkazildi.
янв.21
Xalq deputatlari Beruniy tumani Kengashining “Korrupsiyaga qarshi kurashish va xavfsizlik masalalari bo‘yicha” doimiy komissiyasining navbatdagi yig‘ilishi o‘tkazildi.
янв.21
Xalq deputatlari Beruniy tumani Kengashining “Korrupsiyaga qarshi kurashish va xavfsizlik masalalari bo‘yicha” doimiy komissiyasining navbatdagi yig‘ilishi o‘tkazildi
янв.21
Bugun xalq deputatlari Beruniy tuman Kengashining navbatdagi o‘n to‘qqizinchi sessiyasi bo‘lib o‘tdi.
Мәмлекетимиздиң тынышлығы халқымыздың келешеги

 Ҳүрметли Президентимиз 22-январь
күни Швейцария мәмлекетиниң Давос қаласында Тынышлық кеңесиниң Режесине қол
қойыў мәресиминде қатнасты. АҚШ Президенти Дональд Трамптың басшылығында өткен
илажда Аргентина, Армения, Бахрейн, Болгария, Индонезия, Иордания, Морокко,
Монголия, Әзербайжан, Парагвай, Пакистан, Қатар, Қазақстан, Саудия Арабстаны,
Түркия, Венгрия ҳәм басқа да мәмлекетлердиң басшылары, бас министрлери ҳәм
сыртқы ислер министрлери де қатнасты. Тынышлық кеңесиниң шөлкемлестирилиўи
Өзбекстан сыртқы сиясатының тынышлықты тәмийинлеў бағдарындағы басламалары ҳәм
көп қырлы бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаўға қаратылған тийкарғы ўазыйпаларына
сәйкес болып есапланады. Жаңа структура БМШтың Қәўипсизлик Кеңеси резолюциясы
менен қоллап-қуўатланған Газа секторындағы келиспеўшиликти сапластырыў бойынша
комплексли режени әмелге асырыў шеңберинде қәлиплестирилмекте. Тынышлық кеңеси
келиспеўшиликтиң кескинлесиў қәўпин азайтыў, Газа секторында экономикалық ҳәм
социаллық тиклениў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған. Бул абадан
экономика ҳәм тыныш-татыў турмысқа ийе Жаңа Газаны қурыў, келешекте Палестина
мәмлекетин дүзиў имканиятын жаратпақта. Кеңес қурамынан дүньяның түрли
мәмлекетлеринен абырайлы ҳәм тәсирли жетекшилер орын алды. Кеңес режесине қол
қойып, Өзбекстан оны шөлкемлестирген мәмлекетлерден бирине айланды. Бул
мәмлекетимиздиң кеңес жумысында избе-из қатнасыўға ҳәм барлық шөлкемлестириўши
мәмлекетлер ҳәм халықаралық шериклер менен тығыз бирге ислесиўде оның
ўәкилликлерин турмысқа енгизиўде әмелий үлес қосыўға таяр екенин аңлатады. Тынышлық
кеңесиниң Режесине қол қойыў мәресими шеңберинде Өзбекстан Республикасы
Президенти Шавкат Мирзиёев, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев ҳәм
Венгрия Бас министри Виктор Орбан арасында сөйлесиў болып өтти.
 

Жетекшилер дослық руўхында өз-ара
пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерин додалады. Көп тәреплеме, соның
ишинде, Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги бирге ислесиў перспективаларына
айрықша итибар қаратылды. Буннан соң Өзбекстан Президенти “Blackrock”
компаниясы директорлар кеңесиниң ағзасы ҳәм үлкен басқарыўшы директоры Адебайо
Огунлеси менен ушырасты. Бул жетекши компания менен инвестициялық бирге
ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары ҳәм бурын ерисилген келисимлерди әмелге асырыў
мәселелери додаланды.“Blackrock” компаниясының мәмлекетимиздеги тийкарғы
жойбарларда қатнасыў перспективалары бойынша пикир алысылды.
 

 Компанияның
Өзбекстандағы бир қатар кәрханалардың капиталына кириў, биргеликтеги инвестиция
механизмлерин ислеп шығыў ҳәм мәмлекеттиң инвестициялық орталығын жақсылаў ушын
халықаралық экспертизаны тартыў бойынша басламалары қоллап-қуўатланды. Давостағы
илажлар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Европа
тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одил Рено-Бассо менен ушырасыў
өткерди.
 

 Бул
жетекши финанс институты менен стратегиялық шерикликти және де тереңлестириў
ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әмелий тәреплери додаланды. Банктиң
мәмлекетимиз бенен бирге ислесиўи турақлы стратегиялық характерге ийе.
Өзбекстан ЕТРБның региондағы ең ири шериги болып қалмақта. Банктиң
инвестицияларының көлеми дерлик 7 миллиард долларға жетти.
 

Соны да айрықша атап өтиўмиз керек бундай
әҳмийетли жаңалықларды халқымызға өз ўақтында жеткериў жергиликли Кеңес
депутатларына үлкен жуўапгершиликлер жукленеди. Депутатларымыз өзлериниң сайлаў
округлерине барып ушырасыўлар өткерип сайлаўшыларымызды бүгинги күнде Хурметли
Президентимиздиң басшылығындағы елимиздиң тынышлығын сақлаў ҳәм хәр тәреплеме
раўажландырыў дунья тән алған мәмлекетлер қатарына қосылыўында әмелге асырып
атырған әдил сиясатын кең жәмийетшиликке тусиндириў баслы ўазийпамыз.
 

Б.Искендеров
Халық депутатлары Кегейли районлық
Кеңеси Секретариат баслығы
  

Slide 1 of 1