Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
"Ijtimoiy soha, yoshlar siyosati, madaniyat va sport masalalari bo‘yicha" doimiy komissiyasining navbatdagi yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi
янв.21
ПҚ-133-сонли қарорининг Беруний туманида ижроси
янв.21
Prezident Farmonining mazmun-mohiyati tushuntirildi
янв.21
“ҲУДУДГА ОИД ДОЛЗАРБ МАСАЛАЛАРНИ ҲАЛ ЭТИШДА МАҲАЛЛИЙ КЕНГАШЛАР ВА СЕНАТ ҲАМКОРЛИГИ”
янв.21
ДЕПУТАТ МАҲАЛЛАДА САЙЛОВЧИЛАР БИЛАН МУЛОҚОТ ҚИЛДИ
янв.21
МУНОСАБАТ
янв.21
МУНОСАБАТ
янв.21
МАҲАЛЛИЙ КЕНГАШЛАР ФАОЛИЯТИ ТАКОМИЛЛАШТИРИЛАДИ
янв.21
МУНОСАБАТ
янв.21
Депутатлик фаолияти юзасидан ахборот
Нөкис районында жаңа шаңарақлық шыпакерлик пункти пайдаланыўға тапсырылды

Нөкис районында жаңа шаңарақлық шыпакерлик пункти пайдаланыўға тапсырылды

Соңғы жыллары елимизде барлық тараўлар қатарында медицина тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей басшылығында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Усы тийкарда халқымыздың денсаўлығын жақсылаў, оларға сапалы медициналық хызмет көрсетиў, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм бирлемши медициналық хызмет көрсетиў мәкемелериниң жумысын түпкиликли жетилистириў жаңа басқышқа көтерилип атыр. 

Усындай ийгиликли жумыслардың даўамы сыпатында Нөкис районы «Дийқан арна» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында Дийқан арна шаңарақлық шыпакерлик пункты жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Ҳүрметли Президентимиздиң «Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў фонды қатнасыўында «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен ажыратылған 3млрд.40 млн сўм қаржы тийкарында қурылған бул объект 50 наўқасты кабыллаў мүмкиншилигине ийе болып, имаратта лаборатория, шаншыў ханасы, емлеў ханасы, афтоклав ханалары пуқаралар ушын хызмет етеди. 

Slide 1 of 1