Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
"O'zbekiston - 2030" strategiyasini takomillashtirishning mazmun-mohiyati va uning amaliy ahamiyati bo'yicha Xalq deputatlari Beruniy tuman Kengashi ishtirokidagi muhokama bo'lib o'tdi.
янв.21
Xalq deputatlari Beruniy tumani Kengashining “Mahalliy budjet, tadbirkorlikni rivojlantirish va iqtisodiy islohatlar masalalari” bo‘yicha hamda “Reglament va deputatlik odob-axloqi masalalari” bo‘yicha doimiy komisiyalarining navbatdagi yig‘ilishi o‘tkazildi.
янв.21
Xalq deputatlari Beruniy tumani Kengashining “Korrupsiyaga qarshi kurashish va xavfsizlik masalalari bo‘yicha” doimiy komissiyasining navbatdagi yig‘ilishi o‘tkazildi.
янв.21
Xalq deputatlari Beruniy tumani Kengashining “Korrupsiyaga qarshi kurashish va xavfsizlik masalalari bo‘yicha” doimiy komissiyasining navbatdagi yig‘ilishi o‘tkazildi
янв.21
Bugun xalq deputatlari Beruniy tuman Kengashining navbatdagi o‘n to‘qqizinchi sessiyasi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Xalq deputatlari Beruniy tuman Kengashining 18-sessiyasi haqida ma’lumot.
янв.21
O'zLiDeP депутатлик гуруҳи аьзолари ва жамоат ташкилотлари иштирокида навбатдаги депутат эшитуви бўлиб ўтди.
янв.21
"Ijtimoiy soha, yoshlar siyosati, madaniyat va sport masalalari bo‘yicha" doimiy komissiyasining navbatdagi yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi
янв.21
ПҚ-133-сонли қарорининг Беруний туманида ижроси
янв.21
Prezident Farmonining mazmun-mohiyati tushuntirildi
Мүнәсибет

Депутат бул – халықтың исенимли ўәкили


Мен, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 1-санлы “Р.Низаматдинов” сайлаў округинен сайланған депутат, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Абдижалиев Хамза Турсынбаевич быйылғы жылдың I-ярым жыллығы даўамында әмелге асырған жумысларым ҳаққында өз сайлаўшыларыма есабат бердим.

Атап айтқанда, ѳз сайлаўшыларыма Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша қабыл етилген бир қатар пәрман ҳәм қарарлар ҳәм Халық депутатлары районлық Кеңеси сессиясы қарарларының мазмун-мәнисин түсиндирилди. Сондай-ақ, быйылғы жылдың елимизде «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп жәрияланғанлығы ҳәм жыл атамасына сәйкес қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада кѳзде тутылған реже ҳәм ўазыйпалар ҳаққында да мағлыўматлар берилди. 

Соның менен бирге, Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасы ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлары, әҳмийетли ҳүжжетлер тийкарында халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар ҳаққында түсиниклер беирлди. Атап айтқанда, жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған ири жойбарлардың иске түсирилип атырғанлығы, исбилерменлик субъектлериниң, қурылып атырған кең қамтыўлы социаллық объектлер, пуқаралардың машқалаларына шешим табыў илажлары ҳаққында кеңнен түсиниклер берилди. 

Есабат дәўиринде сайлаўшылардан бир қатар мүрәжатлар келип түскен болып, оларға тийисли жуўапкерлер менен биргеликте унамлы шешип берилди. Мәселен Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңесинде шөлкемлестирилген «Жәмийетшилик қабыллаўхана»сына усы жылдың 

6 айы даўамында жәми 116 мүрәжат келип түскен болып, олардың барлығының унамлы шешилиўине ерисилди.

Сондай-ақ, «Гүлистан» МПЖ ҳәм «Тазғара» АПЖ аймақларын ағын суў менен тәмийинлеўши Айтеке жап салмасының тосылып қалған дәслепки 500 метр аралығын қаздырыў нәтийжесинде 300 ден артық хожалықтың ағын суўға болған талабы жақсыланыўына ерисилди. Соның менен бирге, Жақсылық көшесине ағын суў жетип келетуғын салма жоқлығы себепли, депутат тәрепинен жаңадан салма қаздырылып, 3 орынға ағын суў ушын трубалар қойып берилди. Буның нәтийжесинде 62 хожалық ағын суў менен турақлы тәмийинлениўине ерисилди.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 11-октябрь күнги «Қалалар ҳәм басқа елатлы пунктлердиң көшелери ҳәм ишки хожалық инфраструктурасын еле де жетилистириў ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, ѳз сайлаў округымдағы «Тазғара» аўыл пуқаралар жыйыны «Жәдик қыпшақ» аўылындағы 3 км. ҳәм «Ферма» көшесиндеги 0,45 км. жәми 3,5 км. ге шамалас ишки топырақ жолларға қум-шағал (ЩПС) араласпасын төсеў жумысларын алып барыў белгиленген болып, қурылыс жумыслары жақын күнлерде басланыў алдында турыпты.

Соны да атап өтиў орынлы, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разылығы, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанлығын билдирди.

Сессия ҳәм турақлы комиссия, партияның үгит-нәсият илажларында турақлы қатнасып, оларда партиямыз электораты мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип келмектемен. 

Хамза АБДИЖАЛИЕВ,

1-"Р.Низаматдинов" сайлаў округинен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы

Slide 1 of 1