Ҳалық
депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси «Боз аўыл» сайлаў округи депутат
А.Пахратдинов, өзи сайланған округ аймағындағы «Телеорай» МПЖда пуқаралар
қабыллаўын шөлкемлестирди.
Қабыллаў даўамында пуқаралар
тәрепинен бәнтлик, турақ жай менен тәмийинлеў ҳәм ремонтлаў, материаллық жәрдем
алыў, комунналлық тараўындағы кемшиликлер бойынша мүрәжатлар билдирилди.
Көпшилик мүрәжатлерге «мәҳәлле жетилиги» ағзалары жәрдеминде ҳуқықый мәсләҳетлер
берилген болса, қалғанлары сол жердиң өзинде жуўапкер шөлкем басшыларына
мүрәжат етиў арқалы өз шешим табыўға
ҳәрекет етилди. Ушырасыў даўамында депутат усы мәҳәллениң «мәҳәлле жетилиги» ағзалары
ҳәким жәрдемшиси М.Салиев ҳәм ҳаял-қызлар белсендиси К.Коптилеўева менен сәўбетлесип
олар тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайы менен жақыннан
танысты ҳәм алдағы ўақытлары бирге ислесиўге келисип алынды.
Каналға ағза болыў: https://t.me/nokisdeputat