Депутат «Қаракөл» МПЖ аймағындағы исбилерменлик субъектлери жумыслары менен танысты
✅ Бүгин Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков «Қаракөл» МПЖ аймағында болып, аймақтағы исбилерменлик субъектлери жумысы менен танысты.
♻️ Атап айтқанда, усы аймақта жайласқан пенаблок ислеп шығарыў цехының жумыс барысы үйренилди. Депутат кәрхананың өндирис көлеми, ислеп шығарылатуғын қурылыс материалларының сапасы ҳәм жаратылған жаңа жумыс орынлары менен жақыннан танысты.
Сондай-ақ, сәўбетлесуў даўамында исбилерменлик субъектин раўажландырыў, ислеп шығарыў қуўатлылығын арттырыў ҳәм өнимлерди сатыўда ушырасып атырған мәселелер додаланды. Аймақта исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, оларға керекли имканиятлар жаратыў ҳәм анықланған машқалаларды.
✍️ Бундай үйрениўлер аймақта исбилерменлик орталығын жақсылаўға ҳәм халықтың бәндлигин тәминлеўге хизмет етеди.