Yangiliklar

#Мүнәсибет

Жаслар келешегине инвестиция

Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен жәрияланған "Кәсиплик ваучер" басламасы жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы әҳмиетли қәдемлерден бири болды. Енди халықаралық талапларға сәйкес жаңа кәсип ҳәм көнликпелерди иелеў тилегинде болған жасларға процентсиз ссуда тийкарында финанслық жәрдем көрсетиледи.

Бул басламаның әҳмийети сонда, ҳәр жылы 50 мың жас заманагөй кәсиплерди үйрениў имканиятына ие болады. Нәтийжеде олардың мийнет базарындағы бәсекиге шыдамлылығы артады, жоқары дәраматлы жумыс орынларына ийе болыў имканиятлары кеңейеди.

Бүгинги тез өзгерип атырған дүняда ең үлкен инвестиция билим ҳәм тәжирийбе болып есапланады. "Кәсиплик ваучер" мине усы инвестицияны жаслардың қолына тапсырыўға қаратылған әҳмийетли реформа болып есапланады. Бул имканияттан үнемли пайдаланған ҳәр бир жас өз келешегин беккемлеп, мәмлекеттиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғыны сөзсиз.

Кунсулыу НАСИРОВА,
Халык депутатлары Мойнак районлык кенеси депутаты, ОзХДП депутатлык топары агзасы