Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
HAFTALIK ISH REJA
янв.21
DEPUTAT NAZORATI OSTIDA YO‘LLAR OBOD BO‘LMOQDA
янв.21
MA’NAVIY-MA’RIFIY SOHA RIVOJI DEPUTAT NAZORATIDA
янв.21
Yoshlar maslahat guruhining yig'ilishi bo'lib o'tdi.
янв.21
ICHKI YO‘LLARNI ASFALTLASH ISHLARI NAZORATDA
янв.21
YANGI TURMUSH MAHALLASIDA MAKTAB QURILISHI BOSHLANDI
янв.21
Deputat nazoratida — Gilambob mahallasida piyodalar yo‘lakchasi qurilmoqda.
янв.21
MAHALLA YETTILIGI FAOLIYATI DEPUTAT E’TIBORIDA
янв.21
Deputalarning ijtimoiy tarmoqlardagi haftalik chiqishlari reja-jadvalining ijrosi
янв.21
Xalq deputatlari Angor tumani Kengashining 13-Angor saylov okrugi deputati Jo‘rayev Akbar tomonidan hududdagi 6-son umumta’lim maktabida o‘rganish ishlari olib borildi.
Депутат_мәҳәлледе

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутаты Ф.Палуанова, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты А.Утепбергенова “Кеңес” аўыл пуқаралар жыйынында болып "Мәҳәлле жетилиги" ағзалары менен ушырасты.

Ушырасыўда аймақтағы "Мәҳәлле жетилиги" ағзалары тәрепинен Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 6-августтағы “Мәҳәллелерде халықтың машқалаларын анықлаў системасын жетилистириў ҳаққында”ғы 486-санлы қарарының орынланыўы, халықты кәмбағаллықтан шығарыў, жаслардың бәнтлиги бойынша, халықтың социаллық жәрдемге мүтәж категорияларына көрсетилетуғын хызметтиң сапалы шөлкемлестирилиўи, кем тәмийинленген шаңарақларға социаллық напақалар ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў бойынша ислеген жумыслары менен танысты.

Ушырасыў даўамында аймақтағы ишки жоллар, ишимлик суў тәмийнаты, электр энергия менен үзликсиз тәмийинлеў туўралы пикирлери менен танысып, 2026-жылда әмелге асырылыўы белгиленген жумыслар белгилеп алынды.

Slide 1 of 3