Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Айни кунларда ҳудудий Кенгаш депутатлари ўз сайлов округларида бўлиб, ўз фаолиятлари бўйича ҳисобот бермоқда.
янв.21
ТУМАН КЕНГАШИ ДЕПУТАТИ Х.РАЖАБОВА ЎЗ САЙЛОВЧИЛАРИ ОЛДИДА АҲБОРОТ БЕРДИ
янв.21
10-aprel kuni Amudaryo tumani hokimligida O‘zLiDeP deputatlik guruhining yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
“Deputat uchrashuvi”
янв.21
“Deputat xotin-qizlar bandligini ta’minlamoqda”
янв.21
“Deputat saylovchilari bilan uchrashdi”
янв.21
“Deputatlar saylovchilari bilan uchrashdi”
янв.21
Sessiya
янв.21
Deputat saylovchilar oldida axborot berdi
янв.21
Ижтимоий ҳимоя борасидаги ишлар ОАВ нигоҳида
Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясы болып өтти.

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясы болып өтти. Сессияға районлық Кеӊес депутатлары, сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, сиясий партиялар, мәкеме, шөлкем басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. 

Дәслеп сессия күн тәртибинде район ҳәкими орынбасары Г.Аметовтыӊ район аймағында 2024-жыл даўамында қурылыс тараўында әмелге асырылған жумыслар ҳәм Өзбекстан Республикасының 2024-жыл 5-август күнги 937-санлы нызамыныӊ район аймағында орынланыўы бойынша ҳәмде Қараөзек районы жергиликли бюджетиниң 

2025-жыл 1-январь ҳалатына район бюджетининң еркин қалдық есабынан қаржылардың бөлистирилиўи бойынша районлық экономика ҳам финанс бөлими баслығы Д.Пирниязованыӊ, Өзбекстан Мәҳәллелер аўқамы Қараөзек районы бөлими баслығы Р.Данияровтың 2024-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында  есабатлары  тыӊланды. Буннан соӊ Қараөзек районы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен 2024-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында бөлими баслығы А.Аллашовтыӊ ҳәм районлық медицина бөлими тәрепинен денсаўлықты сақлаў тараўында 2024-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша бөлим баслығы А.Тоқсанбаевлардыӊ есабат ҳәм усыныслары тыӊланды. Сондай-ақ, сессия күн тәртибинде жаслар бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм олардыӊ бос ўақытларын мазмунлы өткериў бағдарында 2024-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2025-жылда әмелге асырылыў тийис режелер ҳаққында жаслар ислери агентлиги районлық бөлими баслығы Н.Абдиреймовтыӊ есабаты додаланылды. Сондай-ақ, сессия күн тәртибине турақлы комиссиялар тәрепинен усынылған мәселелер толығы менен көрилип шығылып, алдағы режелер белгиленип алынды.

Slide 1 of 1